2020-жыл 19-октябрь сәнесинде Қарақалпақстан XXVII-Чемпионаты “KUSHMAG” 2-лигаcының «Д» топарында 9-тур ойынлары болып өтти. Бунда Шоманай районының «Мамый» командасы Қонырат районының «Елабат» командасын қабыл етти.
Қүннен күнге ықласбентлердиң итибарын өзине қаратып киятырған бул чемпионат қызғын даўам етпекте.
Ойында биринши бөлимниң 5 минутында «Мамый» командасының 10-санлы ойыншысы Дарьябаев Шухрат қарсылас команда дәрўазасына топ киритип «Мамый» командасы пайдасы есапты ашып берди. Соң ойынның 11-18 минутларында «Мамый» командасының сәрдары 17-санлы ойыншы Дарибаев Нурлан, 27-минутында 21-санлы ойыншы Кабулов Қуўандық, 32-минутта 4-санлы ойынша Қутлымуратов Азамат, 38-минутта және 10-санлы ойыншы Дарьябаев Шухратлар қарсылас команда дәрўазасына топ киритти. «Елабат» командасының 19-санлы ойыншысы ойынның 42-минутында «Мамый» дәрўазасына бир гол урып биринши бөлимди жуўмақлап берди ҳәм биринши бөлим 6:1 есабында «Мамый» командасы пайдасына шешилди.
Екинши бөлимниң 58-минутында «Мамый» командасының 21-санлы ойыншы Кабулов Қуўандық, 65 ҳәм 75 минутларда Дарьябаев Шухрат ҳәм соңғы топты ойынның 84 минутында 92 санлы ойыншы Жумабаев Ҳәкимбай қарсылыс командасы дәрўазасына киритип, ойынды 10:1 есабында жуўмақлады.
Ойын қағыйдалары бузылмаўын қадағалап барыўшы бас төреши Жалғас Сәрсенов ҳәм жәрдемши төрешилер Илхам Айтбаев, Азиз Жолдасбаевлар ойынды әдиллик пенен басқарып барды.
Ойын қағыйдаларын бузған «Мамый» командасының ойыншылары Дарибаев Нурлан ҳәм Кабулов Қуўандықларға ескертиўлер берилди.
Ойын жуўмағында «Мамый» командасы, «Елабат» командасы үстинен 10:1 есабында жеңиске еристи.
Шоманай районы ҳәкимлиги жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлайды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon