Múrájat ushın isenim telefonı

background

Бир қатар лицензияланатуғын жумыс түрлери бийкар етилмекте

Бир қатар лицензияланатуғын жумыс түрлери бийкар етилмекте

Шоманай районындағы Өзбекстан Республикасы Бас ўәзириниң исбилерменлер мүрәжатлерин көрип шығыў қабыллаўханасы ҳәм район мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен Шоманай районында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери менен олардың машқалаларын үйрениў ҳәм әмелий жәрдем бериў мақсетинде, орынларда көшпели ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан  Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-август күнги «Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6044-санлы пәрманы ҳаққында кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылды. Исбилерменлер жаратылған бундай имкәниятлардан миннетдаршылығын билдирди.

Шоманай районы Бас ўәзир қабылханасы жетекши қәнийгеси Акбар Оразбаев

Skip to content