Усы жылдың 13-14-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасының Шоманай районы ҳәкими Баҳадир Янгибаев басшылығында сектор баслықлары ҳәм жетик аўыл хожалығы, қурылысшылар, исбилерменлер, илим-пән, мәданият ҳәм санаат тараўы қәнийгелеринен ибарат исши делегациясы жәм болып Каттақўрғон районы аймағынағы әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Каттақўрғон районында болды. Каттақўрғон районы дәрўазасы алдында Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў топары баслығы Бекзод Раҳматуллаев ҳәм Каттақўрғон районы ҳәкими орынбасарлары ҳәмде сектор баслықлары тәрепинен мүнәсип күтип алынды.
Дәслепки танысыў даўамында Каттақўрғон районында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтилди.
Хызмет сапарының биринши күни делегация райондағы “Каттақўрғон Электро Техника” кәрханасындағы трансформатор ислеп шығарыў, “Эргаш ота” жеке меншик медицина орайы тәрепинен бой тиклеген 7 қабатлы 350 орынға мөлшерленген мийманхана қурылысы, “Фаровон Голд Чорва” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиндеги нәсилли шарўа малларының тәрбияланыў усыллары бойынша тәжрийбе алмасты.
Сапар даўамында райондағы “Фирдавс Қандолат Инвест” кәрханасында да болып, бул жерде 15 түрдеги тутыныўшы өнимлерин писириў үскенелери, тат баспайтуғын металлдан кондитер столлары үскенелерин ислеп шығарыў ҳәмде кондитер өнимлерин ислеп шығарыў барысы менен танысты.
Сондай-ақ делегация райондағы “Каттақўрғон кластер” ҳәм “Амино голд инвест” ЖШЖлери ҳәм фермер хожалықларында болып, пахта терими ҳәм ғәлле егиў мәўсимин көзден кешириў, районда соңғы үш жылда алып келинген заманагөй жер айдаў, тасыў орып-жыйнау, туқым егиў сеялкалары киби бәрше түрдеги техникалар менен танысты ҳәм тәжрийбе алмасты.
Райондағы ири пилле, шийки жипек, жипек мамығы ҳәм жипек таласы ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў кәрханаларынан бири “Кумуш тола” жеке меншик кәрханасы жумысы, “Самарқанд Қулупнай Импех” кластери тәрепинен 500 гектар ашық майданға ҳәм 500 гектар халық хожалығына егилип атырған Полша мәмлекетинен алып келип, егилип атырған “Зинга-зинга” қулпынай егилиўи барысы менен танысты. Буннан тысқары, биринши сектор баслығы ҳәм ағзалары ушын жаратылған шәрт-шараятлары менен танысты ҳәм тәжрийбе алмасылды.
Делегация заманагөй архитектура тийкарында бой тиклеген “Самарқанд сити” комплекси ҳәм Қорасув массивинде жаңадан бой тиклеген “Обод маскан” мәҳәллесиндеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен таныстырылды.
Бундай ушырысыўлар халқымызды жәнеде жақынластырады, аўызбиршилигин тәмийинлейди, Каттақўрғон районында әмелге асырылған бундай қурылыс, абаданластырыў жумысларында Каттақўрғон районы ҳәкими Аъзамхон Усмоновичнинг хизметлери бар екенин көрдик ҳәм көп нәрсени үйрендик. Бул ушын Ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз – деди Шоманай районы ҳәкими Баҳадир Янгибаев.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. Телеграмм каналымызға ағза болыў @shomanay_rayon