Múrájat ushın isenim telefonı

background

21-октябрь Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында ушырасыў болып өтти.

21-октябрь Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында ушырасыў болып өтти.

21-октябрь Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен  Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында райондағы мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С.Палымбетова, район ҳәкиминиң баспа сөз хаткери Ю.Сейдуллаевлар қатнасты.

Ушырасыў даўамында мәкеме басшыларына рәсмий ис ҳүжжетлерин жүритиўде мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызамға тийкарланып,  ис жүритиў керек екенлиги бойынша түсиниклер берилип өтилди.

Соң район ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси С.Палымбетованың Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-октябрьдеги «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм дәрежесин түптен асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5850-санлы Пәрманының мәнис-мазмуны ҳаққында баянаты тыңланды.  

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content