Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пахта жыйын-терим мапазына Шоманайлы жаслар да белсене катнаспақта

Пахта жыйын-терим мапазына Шоманайлы жаслар да белсене катнаспақта

Районның екинши сектор аймағы есапланған Дийханабад аўыл пуқаралар жыйынында жәўлан урып ақ-алтын қырманына мүнәсип үлес қосып атырған пуқараларға ҳәм жасларға ҳармасын айтыў мақсетинде районлық Прокуратура уйымы хызметкерлери ҳәм Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими «Ибрайым қандекли» фермер хожалығында теримшилер менен ушырасты ҳәм алдынғы қатардағы теримшилерге естелик саўғалар тапсырды.

Ерте таңнан пахта атызларына асығатуғын 19 жаслы Гүлбаныў Мўңгалова ҳәр күни 120-130 кг пахта тереди, жас жаңарақ ийеси Жумабаев Баҳадир де ҳәр күни шаңарақ дәраматын арттырыў ушын өмирлик жолдасы менен 190-200 кг пахта тереди, жәнеде Қурбанбаев Шерзат, Абдиреймов Жанибек, Султашова Улдаўлет, Оразбаева Жайна, Жақсликова Маржанай, Абдирасулиева Заҳида, Абдирасулиева Маҳидаларда ең алдынғы теримшилерден есапланады, жасларға өрнек болып атырған мийнет дем алысындағы Айымбетова Зияда, Алланазарова Гулзада апаларда жаслардан қалыспай 90-100 кг пахта тереди дейди Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими баслығы М.Нарбаев

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon Instagramm shomanay_rayoni

Skip to content