Múrájat ushın isenim telefonı

background

Адам саўдасы – қәўипли иллет

Адам саўдасы – қәўипли иллет

Адам саўдасы – эксплуатация мақсетинде күш көрсетип қорқытыў яки мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қолланыў, урлаў, алдаўшылық,  ҳәкимияттан пайдаланыў яки шараяттың нәзиклигинен пайдаланыў, басқа адамдағы қадағалаўшы шахстыӊ келисимин алыў мақсетинде пайда көриў ямаса ақшалай пара бериў жолы менен адамды жаллаў, тасыў, бериў, жасырыў ҳәм адамға ийелик етиўди аӊлатады.  

Интеграциялаў процессиниӊ жеделлесиўи нәтийжесинде пуқаралардыӊ мийнет етиў, билим алыў, туризм ҳәм усы сыяқлы ҳәр қыйлы мақсетлерде басқа мәмлекетлерге шығыўы, еркин жумыс алып барыў ушын имканиятлар тағыда кеӊейеди. Унамлы өзгерислер менен бир қатарда бул процесстиӊ екинши тәрепи сыпатында айырым жынаятлардыӊ көбейиўиде сезилмекте.

Инсан қәдир қымбатына қәўип салып киятырған трансмиллий уйымласқан жынаятшылықтыӊ бири адам саўдасы жынаяты ҳәўиж алып, халықараралық көлемдеги машқалалардыӊ бирине айланғаны сыр емес.

Ҳәзирги күнде түрли мағлыўматлар бойынша адам саўдасына жәбир көргенлер 30 миллионнан 200 миллионға шекем көрсетиледи. БМШныӊ мағлыўматына көре ҳәр жылы дүньяда 2,7 миллион адам усы қәўипли жынаяттыӊ қурбаны болмақта.

Адам саўдасына қарсы гүресиў, бул қәўипли жынаяттыӊ алдын алыў бойынша орынларда ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери кеӊ жәмийетшилик пенен биргеликте үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылып атырғанлығына қарамастан бул тайпадағы жынаятлар елеге шекем даўам етпекте.

Егерде пуқараларымыз сырт елде жүрип адам саўдасы жынаятыныӊ қурбаны болған жағдайларда дәрҳал сол елдеги Өзбекстан Республикасы сырт елдеги елшиханасы яки консульствосына мүрәжат етиўи, сондай-ақ жергиликли ҳуқық қорғаў уйымларына жазба ҳәм аўызеки мүрәжат етиўлери лазым.

Пуқара сырт елде өзиниӊ пуқаралық паспортын жоғалтып алған жағдайда Өзбекстан Республикасы сырт елдеги елшиханасы яки консульствосына мүрәжат етсе, ол жерде пуқараға Ўатанға қайтыў гуўалығы бериледи ҳәм усы гуўалық шегарадан өтиўде шахстыӊ тастыйықлаўшы ҳүжжети сыпатында пайдаланылады.

Егер сырт елде жүрген пуқараларымыз паспортларын жоғалтып, шегара тосықларын айланба жоллар арқалы өтип, елимизге кирип келген жағдайларда бул ҳалатлар шегарадан өтиў қағыйдаларын бузыў деп есапланады ҳәм ол Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 223-статьясы менен жынайый жуўапкершиликке тартылады.

Ҳәзирги глобалласыў интеграцияласыў процесиниӊ жедел раўажланыўы нәтийжесинде инсанлардыӊ өз-ара байланысы күшейип бармақта. Бул унамлы процесстиӊ екинши бир жаман тәрепи бунда адамлар жуқпалы ҳәм қәўипли кеселликлер саналған АИЖС ҳәм туберкулез кеӊ тарқалмақта.

Республикамыз аймағында дизимге алынған АИЖС вирусын жуқтырған пуқаралардыӊ көпшилиги сырт мәмлекетлерде жүрип арттырып келгенлиги белгили болмақта. Сондай-ақ, узақ мүддетке шет елге шығып, қайтып келген пуқаралардыӊ бир қатары медициналық көриктен өз қәлеўи менен өтпей жүриўи ашынарлы жағдай. Бул ҳалат халқымыз ортасында медициналық мәдениятты еле күшейттириўди талап етеди. Соныӊ менен бирге бул қәўипли жынаяттыӊ алдын алыў, жынаят қурбанына айланбаў ушын пуқара дәслеп сырт елге шықпастан алдын сырт елде қандайда бир жумысты усынқан адамныӊ қандай адам екенлигине айдынлық киритиўи керек. Мәселен ол адам илгери алдаўшылық яки адам саўдасы жынаятына қол урғанба, соны билиў ушын мәҳәлле ақсақалларына аймақ инспекторларына мүрәжат етиўи орынлы болады.

Сырт елдеги баратуғын жумыс орынлары ҳаққында Нөкис қаласында жайласқан пуқараларды шет мәмлекетлерге жумысқа орналастырыў бюросына мүрәжат етип тийисли мағлаўматларды алыўы, егерде сырт елде адам саўдасы жынаятыныӊ қурбаны болып қайтып келгенде жасаў орынларындағы ҳуқық қорғаў уйымларына жазба ҳәм аўызеки мүрәжат етиўлери мүмкин. Бундай жағдайларда олардыӊ ҳуқықлары әмелдеги нызамшылыққа көре қорғалады ҳәм бузылған ҳуқықлары тиклениўи кепилленеди.

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды кеңсе меңгериўшиси:З.Т.Алламуратов

Skip to content