Суд – жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеўши, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўшы, әдил судлаўды әмелге асырыўшы ғәрезсиз ҳәкимият тармағы есапланады.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын терең реформалаў ҳәм либералластырыў, суд ҳәкимиятының шын мәнистеги ғәрезсизлигин, судлар жумысларының ашық-айдынлығын, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, халықтың әдил судлаўға болған исенимин асырыў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2020-жылдың 3-сентябрь күни Президентимиз тәрепинен «Суд ҳәкимияты органлары жумысларын санластырыў ис-иләжлари ҳаққында»ғы қарары имзаланды.
Қарарға тийкар 2021-жылдың 1-январь күнинен баслап судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм басшылық етиўшиниң разылығы менен аудио жазыўдан пайдаланған ҳалда жазып барыў ҳәмде суд мәжилиси баянламаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, қарарға менен 2021-2023-жыллар даўамында:
– апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар ортасында автоматласқан түрде бөлистириў;
– барлық қатнасыўшыларды суд мәжлислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы төлемсиз хабарландырыў;
– суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризинде, олардың илтимаснамасы бойынша болса қағаз формасында усыныў;
– суд ҳәкимияты органлары жумысында, сол қатарда, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў;
– суд ислерин мәмлекетлик архивке электрон формада тапсырыў ҳәм қабыллаў;
– судлар, Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәмде Судьялар жоқарғы мектебинде ахборот-коммуникация технологиялары инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп қойылды.
Судлар искерлиген енгизилип атырған бул өзгерислер өз гезегинде мәмлекетлик органлар, мекеме, шөлкем, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқуқларын тиклеў мақсетинде судларға мүрәжаат етиўде бир қанша қолайлықлар жаратып береди.
Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы А.Ш.Аяпов