Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жоллардан пайдаланыўшы пуқаралардың мүрәжатлери қанаатландырылды

Жоллардан пайдаланыўшы пуқаралардың мүрәжатлери қанаатландырылды

Пуқаралар мүрәжаатлерин өз ўақтында қанаатландырыў бойынша Шоманай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы басшы-хызметкерлер тәрепиненде бир қанша ислер алып барылмақта, яғный атап айытқанда «Дийханабад» АПЖ аймағындағы «Таза жап» аўылына апарыўшы аўыр аҳўалдағы ишки хожалық жолының 800 м бөлимине қум-шағал араласпасы (ЩПС) төгилип ислеп берилди.


Көшпели қабыллаўда Сағыр аўыл турғынларының «автобус күтип турыў бәндиргиси жоқ екенлиги» мазмунындағы мүрәжатын қанаатландырыў мақсетинде, ҳәзирги ўақытта кәрханамыз тәрепинен жаңа автобус тоқтаў бәндиргиси қойып берилди. Жәнеде 4н41 «4р177 автожолының (17 км) «Дийханабад» АПЖ «Майлы өзек» бөлими автомобиль жолының 1,4 км бөлиминде күнделикли жумыслар (смещение),ой-шуқырларын жамаў, жол белгилерин жаңадан жақтылық қайтарыўшы жол белгилерине алмастырыў, жол шетиндеги хабарлаўшы бағаналарды орнатыў жумыслары алып барылды.


Шоманай районы Жоллардан пайдаланыў кәрханасы . @shomanay_rayon

Skip to content