А.Ж, Т.Е, П.А ҳәм К.С лар алдын ѳте аўыр жынаят ислеп судланланғанынан ҳәм алып барылған профилактикалық жумысларға қарамастан, ѳзине тийисли жуўмақ шығармай дүзелиў жолына түспестен бир неше мәрте ҳуқықбузарлықлар ислеп жәриймаға тартылып нызам талапларын орынлмастан келген.
Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 2-апрельдеги «Жазаны орынлаў колонияларынан босатылған айырым тайпадағы шахслар үстинен ҳәкимшилик бақлаў орнатыў хаққында»ғы Нызамының 6-статьясында усы Нызамның 8-статьясының биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарлар бар болған жағдайда аўыр яки өте аўыр жынаятлар ислегенлик ушын еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген шахсларға суд тәрепинен ҳәкимшилик бақлаў орнатылатуғынлығы, 8-статьясының 1-бөлиминде жазаны орынлаў мекемелеринен азат етилген шахсларға судланғанлық ҳалатының тамамланыўы яки судланғанлықтың алып тасланыўы мүддетлери шеңберинде ишки ислер органының баслығы тәрепинен усы шахслар жазаны орынлаў мекемелеринен азат етилгенинен кейин бир жылдың ишинде еки яки оннан көбирек ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды ислегенлигинен дәлалат бериўши материаллар тийкарында таярланған усынысы менен ҳәкимшилик бақлаў орнатылатуғынлығы көрсетилген.
Суд, ис материалларын ҳәр тәреплеме үйренип шығып, ИИБ профилактика инспекторының ҳәм прокурордың пикирлерин, судланған шахслардыӊ көрсетпелерин тыӊлап, судланған А.Ж, Т.Е, П.А ҳәм К.С лардыӊ ис ҳәрекетлерине баҳа бере отырып, алдын өте аўыр жынаят ислеп еркинен айырыў жазасына судланғанынан өзине тийисли жуўмақ шығармағанлығын, оның дүзелиў жолына түспегенлигин, бир неше мәрте ескертиўлерге қарамастан тәкираран ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық сәдир еткенлигин есапқа алып ҳәм келешекте оның қайтадан жынаят ислеўиниң алдын алыў, жәмийетке көнигип кеткенше оған жеке тәртипте профилактикалық тәсир көрсетиў мақсетинде ҳәкимшилик бақлаўға алынды.
Жынаят ислери бойынша Қанлыкѳл район суды баслығы:Е.Абибуллаев