Бүгунги күнде, мәмлекетимиз тәрепинен судлар жумысының материаллық-техникалық базасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша тийисли ис-иләжлар әмелге асырылмақта.
Усы илажлар тиккелей инсән ҳәм исбилерменлик субъектлериниң, өзлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша тийисли судларға мурәжат етиў тәртип-басқышларын және де еркинлестириў ҳәм судлар жумысында айқынлықты тәмийнлеў имканиятын берди.
Әсиресе, суд ҳәкимияты органлары жумысын санластырыў, судлар ҳәм басқа мәкемелер арасында хабар алмасыўын әмелге асырыў ушын судлар жумысына заманагөй хабар-коммуникация технологияларын енгизилиўи солар қатарынан.
Сол менен бирге, усы жылдың 3-сентябрьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Суд ҳәкимияты органлары жумысын санластырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарары менен суд ҳәкимияты органлары жумысын санластырыў бойынша тийисли ис-иләжлар белгилеб берилди.
Усы қарарға көре, келеси жылдан баслап судларда суд мәжилислери белгиленген тәртипте аудиожазыўдан пайдаланған жағдайда жазып барыў, апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар ортасында автоматикалық түрде бөлистириў, қатнасыўшыларды суд мәжлислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы төлемсиз тийкарда хабардар етиў әмелияты енгизиледи.
Сондай-ақ, 2022-2023-жыллардан баслап, суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн түрде усыныў ҳәм тараўға байланыслы болған 10 ға жақын интерактив хызметлер көрсетиў жолға қойылады және де суд жумысларын мәмлекет архивине электрон формада тапсырыў ҳәм қабыл етиў енгизиледи.
Халыққа жәнеде қолайлық жаратыў мақсетинде, қандай да исти көриў процессинде зәрур болған мағлыўматлар ҳәм ҳужжетлерди оларды әўере қылмаған жағдайда судлар тәрепинен тиккелей мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлеринен электрон формада алыў жолға қойылады.
Ендиликте, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары, хожалык баскарыў органлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа, арза ҳәм шағымларды тек электрон формада усыныў имканиятын бериўши «Әдиллик» хабар системасы комплекси
2022-жыл 1-январьдан баслап судлар жумысына енгизиледи.Анықластырып айтқанда, суд органлары жумысына хабар-технологияларын кең енгизилиўи ҳәм судлардың ҳәм мәмлекет мекеме, шөлкемлери ортасында хабар алмасыўы жәнеде жақсыланыўы әдил судлаў өнимдарлығын асырыўға тиккелей хызмет етеди.
Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды баслығы Е.Абибуллаев