Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына Шоманай районы 46-Кетенлер сайлаў округинен сайланған халқымызға белгили инсан Шарап Уснатдинов 78 жасында дүньядан өтти.
1942-жыл Кегейли районында туўылған марҳум Ташкент мәмлекетлик университети (Миллий университет) Журналистика факультетинде оқыған. Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, “Эл-юрт ҳурмати” ордени ийеси “Кимге кеш, кимге таң сәҳәр”, “Соңғы аўшы”, “Көргенлерим, кеўилдегилерим” киби бир неше китаплары авторы. Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаӯ министири орынбасары Ш.Уснатдинов ўзақ жыллар даўамында түрли тараўларда мийнет етти.
Шоманай районы ҳәкимлиги марҳумның шаңарағы, жақынлары, дослары ҳәм халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтады. Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети