Күлки инсан өмирине пайдалы деген шыпакерлеримиздиң айтқанлары ҳақыйқат. Инсан күлсе кеўили көтерилип, барлық ғам қайғыны умытады. Қарақалпақстан Республикасында таңлаўларды қалдырмай өзлериниң епшиллиги, сөзге шешенлиги менен Республика көлеминде дерлик 5 жыл бойы бириншиликти қолдан бермей киятырған Шоманайлы ҳәзилкеш жигитлеримиз және бириншиликти қолға киритти.
2020-жыл 5-сентябрь күни АТВ телеканалында Карантин дәўиринде күлкисүйер халқымызға бағышлап онлайн тәризинде “АТВ да Күлки шоў” телевизион таңлаўы өткерилди. Таңлаўға Кегейли районынан “Кегейли жаслары”, Нөкис қаласынан Ибирайым Юсупов мектебиниң “Аязый” ҳәм Шоманай районынан «Шоманай» командасы қатнасып өз ара күш сынасты. Таңлаў жуўмағы бойынша Шоманай районының «Шоманай» командасы сыйлы I-орынды ийелеп диплом менен сыйлықланды.
Телеграмм каналымызға ағза болың?? @shomanay_rayon