Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тəрепинен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түптен жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-5718-санлы пәрманы тийкарында, Исбилерменлик субъектлериниң, соннан, шет ел инвесторлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел қылыныўын тәмийинлеў ҳəмде исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў ҳәм бюрократиялық мәселелердеги тосқынлықларды сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Район аймағында 2020-жылдың 1-сентябрь сәнесине жәми 968 исбилерменлик субъектлери болып, соннан 817 юридикалық ҳәм 151 жеке тәртиптеги исбилерменлерге туўра келмекте.
2020-жылдың 1-сентябрь аўҳалына жәми 86 мүрәжат қабыл етилип, мүрәжатлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли уйымларға жиберилди. Жәми 86 мүрәжатларда 86 мəселе болып 70 си (81,4 пайыз) қанаатландырылды, 16 сы (18,6 пайыз) түсиник бериў арқалы толық шешилди.
Усы дəўир аралығында, исбилерменлигин баслаў ҳəм оны жүритиў бойынша 37 ҳаял-қызлардың мүрəжат келип түсти ҳəм олардан 30 мүрəжат унамлы шешим тапты. Ал, 7 мүрəжат түсиник бериў арқалы шешилди.
Шоманай районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тəрепинен Дийханабад АПЖ, Кетенлер АПЖ, Сарманбайкѳл АПЖ ҳəмде Таза базар МПЖ аймақларында жайласқан саўда орынлары, дəрихана, хызмет көрсетиў менен шуғылланыўшы исбилерменлер менен орынларға барып ушырасыўлар өткерилип келинбекте.
Шоманай районындағы Ѳзбекистан Республикасы Бас Министриниң Исбилерменлермүрəжатларын кɵрип шығыў қабыллаўханасы.
Телеграмм каналымызға ағза болыў @shomanay_rayon