Усы жылы пахта мәўсиминде биринши терим ушын 1 килограмм пахтаға 1 000 сум, екинши теримдеги пахта ушын 1 400 сум баҳа белгиленбекте. Бул жылы терим мәўсиминде жумыссызлар, жаслар, ҳаял-қызлар, ҳәттеки өз қәлеўи менен егер кеўилли болса, нураныйлар да қамтып алынады. Пахта терими барысында бәрше жумысшылар фермерлер менен теримшилер арасында мийнет шәртнамасы тийкарында хызмет қылады.
Мәўсимде жақсы теретуғын теримшилер күнине 100-120 мың әтирапында дәрәмат алыўы мүмкин. Бәрше теримшилер ушын мийнет шараятлары шөлкемлестириледи дейди Шоманай районы Бәнтликке көмеклесиў орайы директоры Р.Галиакберов.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Телеграмм каналымызға ағза болыў @shomanay_rayon