Қарақалпақсатан Республикасы дене-тәрбия ҳәм спорт Министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы футбол ассоциациясы менен биргеликте 2003-жыл туўылған жас өспиримлер арасында спорттың футбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги өткерилмекте. 2020-жылдың 5-сентябрь күни Қанлыкөл районындағы жаңадан бой тиклеген орайлық футбол майданшасында футбол жарысының аймақлық басқышында Шоманай районы футбол командасы өзлериниң епшиллиги, шаққынлығы менен жақсы ойын көрсетип сыйлы 1-орынды жеңип алды ҳәм усы жылы 8-сентябрь күни болып өтетуғын Республикалық финал басқышына жолламаны қолға киритти. Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Шоманайшылар атынан футбол командамызға финал басқышында сыйлы орынды алыўына әўмет тилеймиз.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Телеграмм каналымызға ағза болың?? @shomanay_rayon