Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мүнәсип сыйлық

Мүнәсип сыйлық

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы алдынан сыйлықланған белсендилер арасында Шоманайлы өнермент, O’zLiDeP ағзасы Нәўбетова Алтынай апаның бар екенлиги Шоманайшылар ушын үлкен қуўаныш. Бүгин партияның районлық Кеңеси аппарат баслығы Б.Каримов Алтынай апа менен ушырасып «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланыўы мүнәсибети менен қутлықлап, районымызда қала берсе Қарақалпақстан Республикасында тигиўшилик өнерин кең раўажландырыў жолында ислеп атырған жумысларын атап өтти. «2004-2009-жыллары O’zLiDeP партиясынан усынылып районлық Кеңес депутаты болған дәўиримде яғный 2007-жылы «Шухрат» медалы ийесине айланған болсам, быйыл және бир орден менен сыйлықланыўым мениң еледе изленип, халқымызға хызмет көрсетиўде шәкиртлерим менен биргеликте аянбай хызмет етиўиме күш-қуўат бағышлайды, O’zLiDeP партиясы басшыларынада итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын өз миннетдаршылығымды билдиремен»- дейди Алтынай апа.

Skip to content