Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ысытыў қазанларынан пайдаланғанда өрт қәўипсизлиги қағыйдалары

Ысытыў қазанларынан пайдаланғанда өрт қәўипсизлиги қағыйдалары

Ҳәзирги күнде бир ҳәм көп қабатлы турақ жайлары ҳәм казанханаларда ысытыў қазанларын имәраттың ишки тәрепине жайластырылыўының гуўасы болмақтамыз. Сол себепли, ҳәзирги күнде (әсиресе қыс мәўсиминде) өртлердиң пайда болыўы, ийис газинен зәҳәрлениўи ҳәмде шақнаў ҳалатлары тез-тез ушырап турыпты. Бундай бахытсыз ўақыялардың алдын алыў, оны болдырмаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм районлық газ тәмийнаты  хызметкерлери менен сектор кесиминде профилактикалық тәдбирлерди әмелге асырмақта. Бул сыяқлы кеўилсиз ўақыялардың алдын алыў мақсетинде ески ҳәм жаңа түрдеги ысытыў қазанлары (катёл) ҳаққында мағлыўмат берип өтемиз.

Тийкарынан:

Ески тәртиптеги ысытыў қазанлары (катёллар) ҳәзирги күнде имәратты ысытыў мақсетинде имәратқа орнатыў усыныс етилмейди. Бирақта, үйинде алдыннан ески түрдеги ысытыў қазанлары орнатылған пуқараларға усынысларымыз төмендегилерден ибарат: бир қабатлы пуқаралар жасаў үйлериниң ысытыў қазаны 12 м2тан кем болмаған ханада жайластырылып, хананың есиги ханадан сыртқы тәрепке ашылыўы лазым, хана ишинде ҳаўа айланып турыўын тәмийинлеўши үскене (люк) яки айна (вентиляция) болыўы керек. Сабеби газ ҳаўа менен араласып жаныўын есапқа алып, ысытыў қазанханасының жаныў процеси даўамында хананың 90% муғдарында ҳаўа айланысы тәмийнлениўи тийис. Ысытыў қазанханасының (катёл) морысы жасаў үйинен ең кеми 50 см бәлентликте турыўы ҳәмде морының жоқары тәрепинде саябан (зўнт) болыўы усыныс етиледи. Морының изоляция қылыныўы қәўипсизлик тәрептен мақсетли есапланады. Улыўма алғанда, тек ғана ысытыў қазанханасы (катёлхана), бәлким, басқа ханаларда да ҳаўаның бир бағытта айланыўы ушын вентиляция шахтасы болыўы усыныс етиледи. Өртке қарсы жәмийет, сондай-ақ, газ тәмийнаты хызметкерлерине, имәратқа келип турған газ трубасы ҳәм газ плита қулақлары, ысытыў қазанханалары (катёл) 1 жылда 1 мәртебе (гүз мәўсимнде) техник көриктен ҳәм 1 жылда 2 мәртебе (бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде) профилактикалық көриктен өткерилип турыўыңызды усыныс етемиз.

Заманагөй ысытыў қазанына (аристон катёл) айрықша тоқ тармағы (автомат) менен бирге, бир түрдеги тоқ тармағын (стаблизатор) орнатыў, ханадағы жаныўшы материаллардан алыста турыўшы орынға қурыў усыныс етиледи. Ысытыў қазаны (аристон катёл) жайласқан ханада айна яки люк арқалы (вентиляция) ҳаўа алмасып турыўы мақсетке муўапық болады.

Заманагөй ысытыў қазанханаларының морысы темир трубадан орнатылыўы шәрт (пластик труба орнатыў мумкин емес). Ысытыў қазанына (аристон катёл) келип турған газ трубасы алдына газди тең бөлип бериўши редуктор қурылмасын орнатыў усыныс етиледи. Ысытыў қазанын (аристон катёл) күнине бир мәртебе профилактикалық көриктен ҳәм жылына бир мәртебе техник көриктен өткерип турыўыңызды усыныс етемиз.

Ҳүрметли пуқаралар өрт келип шығыў қәўипинен ҳәм ийис газинен сақланың!

Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими                                    

Skip to content