29-август күни Шоманай районы ҳәкимлиги киши мәжилислер залында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топары мәжилиси өткерилди. Мәжилис күн тәртибинде 2020-жыл 6 айы даўамында режелестирилген инвестициялық жойбарлары, олардың бүгинги күндеги орынланыўы ҳәм алдағы ўақытлары ислениўи тийис жумыслар ҳаққында районлық Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығының есабатын тыңлаў, депутатлық топары ағзалары тәрепинен халық пенен ушырасып машқалаларды анықлаў иләжларын жеделлестириў, Байрам ҳәмде ҳәр қыйлы сәнелер мүнәсибетлери менен аймақларындағы кем тәмийнленген шанарақ ҳәмде имкәнияты шекеленген пуқаралар ҳалынан хабар алыў жумысларын турақлы шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе бойынша районлық Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығының орынбасары Б.Қыдырбаевтың баянаты тыңланып, Шоманай районында бүгинги күнде жумыс алып барып атырған субъектлар саны 367 ти қураса, соннан кәрханалары саны 76 ны қурайды.
Өткен 6 ай даўамында 80,7 млрд.сўм санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, өсиў дәрежеси 3,3 есеге өсиўи тәмийнленген. Ҳәзирги күндеги ири жойбарлардың бири болған улыўма баҳасы 2,0 млн. АҚШ долл баҳасындағы сырт ел инвестиция қәрежетлери есабынан “LIANTAY KC LICORICE” ЖШЖ де боян тамырын қайта ислеў жойбарында болып 120 жумыс орны ажыратылыўы белгиленгенлиги сыяқлы исленип атырған жумыслар ҳаққында есабат берди. Мәжилис даўамында барлық мәселелер сын анализленип, алдағы ўақытлары депутатлар тәрепинен халық мүрәжәтлери менен тығыз ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша келисип алынды.