“Қарабайлы” МПЖ аймағындағы “Шоманай станциясы” елатлы пунктинде жасаўшы пуқаралардан ишки жол мәселеси көп жыллардан машқала болып келгенлиги, пуқаралар өз мүтәжликлери ушын транспорт пенен өз үйлерине шекем келе алмайтуғынлығы, қурылыс жумысларын алып барыў ушын ири транспортлар келиў имкәнияты жоқлығын билдирип аймақтағы ишки көшелерди аралықларын белгилеп оңлаў жумысларын шөлкемлестириўде әмелий жәрдем сорап билдирген мүрәжәти тийкарында “Қарабайлы” МПЖ ақсақалы, O’zLiDeP депутаты Б.Қдырниязов тәрепинен районлық Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәмде Қурылыс бөлимине депутат сораўы жиберилди. Белгиленген мүддетте мүрәжәт тийисли шөлкемлер тәрепинен уйренип шығылып аймақтың жол түсиў бас планы тастыйықланып 3 км аралықтапғы жолга ШПС төселиуи белгилеп алынды. “Көп жыллардан берли машқала болып киятырған жол мәселеси депутат жәрдеминде тез арада унамлы шешилиўи белгилеп алынғаны биз ушын куўанышлы ўақыя болды” – дейди аўыл турғыны К.Айтпаганбетова.