Múrájat ushın isenim telefonı

background

“ДЕПУТАТ МИНБЕРИ”

“ДЕПУТАТ МИНБЕРИ”

Лицензиялаў тараўындағы реформалар -исбилерменлер ушын үлкен имкәният.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 24-август күнги “Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында” ғы президент пәрманы қабыл етилиўи ҳәм усы пәрман менен 200 ге жақын бюрократиялық тосықлардың қысқартылыўы мәмлекетимиз исбилерменлери, улыўмаластырып айтқанда халқымыз ушын үлкен жеңилликлерди пайда етти. Пәрман менен биринши мәрте “хабардар етиў” тәртиби айырықша институт тәризинде жаңадан енгизилмекте. Лицензияланатуғын ҳәм рухсатнама алыў талап етилетуғын жумыс түрлери саны сезилерли кемейиўин есапқа алсақ, бунда тийкарынан инсан саламатлығына ҳәм жәмийетимизге зыян жеткермейтуғын жумыс түрлери лицензиялаўдан шығарып тасланбақта. Пәрман менен 70 түрли лицензияланатуғын жумыс түрлери ҳәм 
35 түрли рухсатнаманың бийкар болыўы ҳәм алдағы ўақытларылицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў процесси толық электрон формаға өтиўи, хызмет көрсетиўши субьектлердиң артықша ўақыт ҳәм ғәрежет сарыпланыўының алды алыныўы сөзсиз.

Исбилерменлер ушын және бир унамлы тәрепи лицензия бериў ҳаққындағы арзалар өз ўақытында көрип шығлмаса, исбилерменлик субъектиниң разылығы менен оған автоматик тәризде лицензия яки рухсатнама рәсмийлестирилип берилиўи болып есапланады.

Президентимиздиң жәмийетлик қадағалаўды күшейттириў бойынша берген көплеп тапсырмаларыда Пәрманнан шетте қалмаған. Яғный пуқаралар яки ўәкилликли органлар тәрепинен шахслардың қандай да бир тараў менен лицензиясыз, рухсатнамасыз яки хабарнама берместен шуғылланып атырғаны, белгиленген талап ҳәм шәртлерди бузып атырған ҳалатлары анықланса ҳәм бул ҳаққында тийисли уйымларға хабар берилсе, ҳуқықбузарлық тастыйықланған жағдайда өндирилген жәрйиманың 10 пайызы муғдарында пул сыйлығы менен сыйлықланыўы белгилеп өтилген.

Биз депутатлар алдағы ўақытлары пәрманда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларды карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда хызмет  көрсетиўши субьектлер ўәкиллери ҳәмде сайлаўшылар менен ушырасып берилген имкәниятлардан туўры пайдаланыўы бойынша кеңнен үгит-нәсият жумысларын алып барған ҳалда депутатлық миннетимизди атқарыўымыз тийис.

Халық депутатлары Шоманай районлық

Кеңеси O’zLiDeP депутатлық топары баслығы

Б.Қдырниязов

Skip to content