Múrájat ushın isenim telefonı

background

Байрамға бағышлап спорт жарыслары өткерилмекте

Байрамға бағышлап спорт жарыслары өткерилмекте

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамына бағышлап «Сен қүдирет дереги, бахыт диярысаң жанажан Өзбекстан» сүрени астында Шоманай районы Дене-тәрбия ҳәм спорт бөлими, Балалар өспиримлер спорт мектеби менен биргеликте, Балалар өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшылары арасында усы жылдың 25-август күни спорттың «Бадминтон» түри, 27-август күни спорттың стол теннис түринен  жарыс шөлкемлестирилди. Спорт жарыслары карантин қағыйдаларына  толық әмел еткен ҳалда өткерилди. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлыкланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Телеграмм каналымыз @shomanay_rayon

Skip to content