Соңғы жылларда мәмлекетимизде суд-хуқық системасын және де раўажландырыў, пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў шәраларын күшейттириў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм де судьялар бирге ислесиўи ролин асырыў бойынша изшил ислер алып барылмақта.
Әмелге асырылып атырған ислер нәтийжесинде әдил судлаў процессинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июлдағы “Судлар искерлигин жәнеде раўажландырыў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға тийисли қосымша ис-иләжлер ҳаққында”ғы Пәрмәны менен судлар искерлигин раўажландырып, әдил судлаў нәтийжелилигин және де асырылатуғын болды.
Усы
Пәрмәнға тийкарланып суд тараўында ҳәмде әдил судлаўды әмелге асырыўда бир
қатар унамлы өзгерислер жүз берилиўи күтилмекте. Усы өзгерислерден бири
бул – 2021-жыл 1-январдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий суды
дүзилмесиндеги инвестициялық тартысларды ҳәм бәсеке менен байланыслы ислерди көриў
бойынша судлаў қурамының дүзилиси болып атыр. Пәрмәнға көре, усы Судлаў
қурамына инвестиция киритилген сәнеде жигирма миллион АҚШ доллары
эквивалентинен кем болмаған муғдарда инвестицияны әмелге асырған физикалық яки
юридикалық шахслар (ири инвесторлар) ҳәм мәмлекетлик органлары арасында жүзеге
келетуғын инвестициялық тартыслар ҳәм бәсеке менен байланыслы ислерди көриў
ўәкиллигин бериў нәзерде тутылмақта.
Буннан басқа, инвестициялық тартыслар бойынша ири инвесторлардың, бәсеке менен байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине көре, усы түрдеги ислер тиккелей Олий суд системасында жаңа пайда болатуғын Судлаў қурамы тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи, қалған инвестициялық тартыслар инвесторлардың қәлеўине көре, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкинлиги де белгилеп қойылмақта.
Пәрмәнда нәзерде тутылған реформалар тез пәт пенен өзгерип баратырған заман талапларына сай әмелге асырылмақта. Бул болса, өз нәўбетинде, пуқаралар, инвесторлар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў менен бирге, мәмлекетимиздиң инвестициялық өзине тартыўын асырады, әдил судлаўдың сапа ҳәм нәтийжелилигин жаңа басқышқа алып шығады.
Жынаят ислери бойынша
Шоманай район судының баслығы ў.ў.а
Е.Абибуллаев