Múrájat ushın isenim telefonı

background

ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫ: МӘМЛЕКЕТ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТ ҚУРЫЛЫСЫ СИСТЕМАСЫ БАСЛЫ БАҒДАРЛАРЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ

ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫ: МӘМЛЕКЕТ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТ ҚУРЫЛЫСЫ СИСТЕМАСЫ БАСЛЫ БАҒДАРЛАРЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ

1990-жыл 20-июнь күни қабыл етилген “Ғәрезсизлик декларациясы” менен Өзбекстан Совет Социалистик Республикасының Мәмлекетлик ғәрезсизлиги жәрияланды. 

 Усы ҳүжжетке тийкар 1991-жыл 31-август күни “Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлиги тийкарлары ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилип, Өзбекстан Республикасы өз қурамындағы Қарақалпақстан Республикасы менен бирге ғәрезсиз, демократиялық мәмлекет екенлиги белгилеп қойылды.

Усы Нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық мәмлекет халықтың ерк-ықрарын билдиреди, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы адамлар жәмийеттиң
ҳәм пуқаралардың алдында жуўапкерли деп белгиленген.

 Усы норманың орынланыўы әлбетте биринши нәўбетте, мәмлекетлик уйымлардың жумысларын дурыс шөлкемлестириў арқалы халыққа сапалы хызмет көрсетиўден ибарат.

Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәкимият – ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятына бөлиниў принципине тийкарланады. Ҳәр үш ҳәкимият жумыслары сапа тәрептен кейинги жылларда жаңа басқышқа көтерилмекте.

 Ҳәкимияттың нызам шығарыўшы уйымы есапланған Олий Мажлистиң жәмийет турмысындағы ролин асырыў, атқарыўшы ҳәкимият жумыслары үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырыў мақсетинде Ҳүкимет ағзалығына талабанларды кейинала оларды Президент тәрепинен лаўазымларына тастыйықлаў ушын көрип шығыў ҳәм мақуллаў, нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилиўин мониторинг етиў, министрликлер, комитетлер, ҳәкимлердиң есабатларын тыңлаў жолға қойылды. Олий Мажлис жумысларының ашық-айдынлығы тәмийинленбекте.

 Бүгинги күнде Өзбекстанда 24 министрлик, 11 мәмлекетлик комитет,
4 комитет ҳәм басқада агентлик, орай, инспекциялар  искерлик көрсетпекте.

Усы жылда Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жаслар агентлиги, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Алкоголь
ҳәм темеки базарын тәртипке салыў ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Бул бағдардағы реформалар ҳаққында тоқталғанымызда биринши нәўбетте онда ислеўши кадрлар мәселесине де тоқталып өтиўимиз мақсет муўапық.

 2019-жыл 3-октябрь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы Нызам жойбары ислеп шығылды.

Мәмлекетти социал-экономикалық ҳәм жәмийетлик сиясий раўажландырыў бойынша мәмлекетлик – жеке шерикшилик қатнасықларды ҳуқықый тәрептен тәртипке салыўшы “Мәмлекетлик – жеке шерикшилик ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди. 

 Халықтың мәмлекет ҳәм жәмийет ислерин басқарыўдағы қатнасы көлемин кеңейттириў, пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң өз-ара жақын бирге ислесиўин орнатыў, сондай-ақ мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлери үстинен жәмийетшилик қадағалаўын күшейтириў мақсетинде, 2020-жыл
16-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетшилик палатасы шөлкемлестирилди.

Электрон ҳүкимет системасын жәнеде раўажландырыў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өз жумыслары бойынша жәмийетшилик алдында электрон есабат бериў тәртиби енгизилди.

Жуўмақлап айтқанда, ғәрезсизлик дәўиринде мәмлекетимиздиң алдағы ўақытта раўажланыўын белгилеп бериўши Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген баслы бағдарлардың турмысымызда орынланыўы тәмийинленбекте ҳәм ең баслысы бул мағлыўматлардың ашық-айдынлығы, халық алдында есап бериў әмелияты жолға қойылды.

Ғәрезсиз мәмлекетимиздеги бул үлкен өзгерислер процессинде сиз бенен бизден талап етилетуғыны нызам ҳүжжетлерине әмел етиў арқалы мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында белсене қатнасыўдан ибәрат.   

Шоманай районы әдиллик бөлими
баслығы Ж.Сейтеков

Skip to content