Усы жылдың 1-сентябрь сәнесинен баслап туўылыў менен байланыслы комплекс мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртиби барлық пуқаралық ҳалатлары актин жазыў уйымларында жолға қойылады.
Ендигиден былай,
-емлеўханадан туўылғанлық ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама алыў;
– пуқаралық ҳалатлары актин жазыў уйымында туўылғанлықты дизимге алыў;
-поликлиникаға есапқа қойыў;
-бир мәртелик напақа пулын алыў;
-жасаў орны бойынша дизимге алыў;
-баланы мәмлекетлик бақшаға нәўбетке қойыў электрон түринде әмелге асырылады.
Алдын усы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын кеминде 6 мекемеге 15 тен артық ҳүжжет ҳәм мағлыўматнамалар тапсырылып, кем дегенде пуқаралардың 10 күннен артық ўақты әўерегершиликке кетер еди.
Бул болса, пуқаралардың мәмлекетлик уйымлар ортасында есикпе-есик қатнап жүриўлерине себеп болар еди.
Жаңа тәртип бойынша, бир ғана пуқаралық ҳалатлары актин жазыў уйымына барып, сораўнама толтырыўдың өзи жетерли.
Пуқаралық ҳалатлары актин жазыў уйымы туўылғанлық ҳалатын дизимге алады ҳәм басқа мәмлекетлик хызметлерден комплекс түрде пайдаланыўды тәмийинлейди.
Бунда, барлық ҳәрекетлер электрон система арқалы әмелге асырылады.
Усы мәмлекетлик хызметлерди комплекс түрде көрсетиў реал ўақыт режиминде, тек ғана пуқаралық ҳалатлары актин жазыў уйымының өзинде көрсетиледи.
Көрсетилген ҳәр бир мәмлекетлик хызметтиң нәтийжеси бойынша пуқараларға СМС-хабар берилип барылады. Бул болса, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў басқышынан пуқаралардың хабардар болыўын тәмийинлейди.
Ең әҳмийетлиси, бул композит мәмлекетлик хызметтиң жолға қойылғанлығы пуқаралардың әўерегершилигине шек қойып, олардың ўақтын ҳәм артықша қәрежетлерин тежеўге хызмет етиўи менен әҳмийетли болып табылады.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы
директоры Галиакберов Ахат Нурхатович