Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жылдың 8-июнь күнги “Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4742-санлы қарары қабыл етилди. Қарарға тийкар елимизде ѳзин-ѳзи бəнт етиӯдиӊ əпиӯайыластырылған тəртиби енгизилди. Бул баслама бойынша орынларда алып барылған үгит-нəсиятлар нəтийжесинде Шоманай районы бойынша ҳəзирде 261 пуқара ѳзин ѳзи бəнт етиӯ бойынша дизимнен ѳтти.
– Бир неше жыллардан берли қурылыс ислери менен шуғылланып ѳзимниӊ шаӊарағыма дəрамат таӯып келемен. Бирақ мийнет стажымнын жоқлығы жас ѳтип пенсия жасыма келгенде машқала келтирип шығаратуғынлығы мени ойландырып келетуғыни еди. Районлык салық органы хызметкерлериниӊ, ѳзин-ѳзи бəнт еткен шахслар мийнет стажына ийе болатуғынлығы ҳəм тапқан дəраматым ҳеш қандай дəрамат салығына тартылмайтуғынлығы бойынша мағлыӯмат бергени маған ҳəр тəреплеме қолайлы болды, мен ѳзин-ѳзи бəнт еткен шахс сыпатында дизимнен ѳтип жумысымды нызамлы түсте ислеп баслыдым – дейди Азамат Оразымбетов. Районда бул бағдар бойынша үгит нəсият ислери еле даӯам етпекте. Ѳзин-ѳзи бəнт еткенлерден – социяллық тараӯда хызмет кѳрсетиӯ бойынша 35 шахс, ислеп шығарыӯ хызметлери бойынша 48 шахс, аӯыл хожалық хызметлери жѳнелиси бойынша 50 шахс, турмыслық хызметин кѳрсетиӯ бойынша 42 шахс, халық тутыныӯ товарларын ислеп шығарыӯ ҳəм сатыӯ бойынша 82 шахс дизимнен ѳтип, хабар коммуникация жөнелиси бойынша 4 шахс ѳз жумысларын нызамлы түсте алып барыӯға еристи.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Телеграмм каналымызға ағза болың.@shomanay_rayon