Бүгинги күнниң глобал машқаласына айланған коронавирус пандемиясы пүткил дүньяны тәшўишке салмақта.
Мәмлекетимиз бойлап карантин талапалары жумсартылыўына қарамастан, карантин талапларына әмел қылған ҳалда Мәмлекетлик хызметлер орайлары өз искерлигин тоқтатпастан пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди даўам етип етпекте.
Бүгинги күнде мүрәжатлардың нәтийжели шәкиллеринен бири сыпатында электрон мүрәжатларды айтыўымыз мүмкин. Атап айтқанда, бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер түри 140 дан аслам болып, бул мәмлекетлик хызметлердиң бәршесинен аралықтан (дистанцион) турып интернет тармағы арқалы онлайн тәризде яғный, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўыңыз мүмкин. Бунда Сизиң қымбатлы ўақтыңыз, финанслық қәрежетлериңиз ҳәмде артықша әўерегершиликлер де болмайды, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметтен пайдаланыўыңыз ушын төлемиңиз 10 пайызға шегирме бериледи.
Буның ушын ең алды менен Сизде my.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын электрон мүрәжатларды жибериўде электрон санлы имза болыўы тийис.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының “Электрон ҳүкимет ҳаққында”ғы Нызамға тийкар, электрон санлы имза менен бәрше мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары сондай-ақ, банк хызметлериниң барлық түрлеринен еркин пайдаланыў имкәниятын тәмийинлейди. Сондай-ақ, қағаз ҳүжжетке қолда өзи қойған имза менен бирдей әҳмийетке ийе екенлиги белгиленген.
Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы өзиңизди қызықтырған мағлыўматларға ийе болыўыңыз ушын davxizmat.uz сайтынан пайдаланыўыңыз мүмкин.
Булардың бәршеси пуқараларымыздың пайдасы, олардың шараятларын жақсылаў ҳәм ўақытларын тежеў ушын хызмет қылады.
Өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың саламатлығы Сизиң қолыңызда! Мәмлекетлик хызметлеринен онлайн тәризде my.gov.uz электрон порталы арқалы пайдаланың.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры Галиакберов Ахат Нурхатович.