Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқаралар мүрәжәти өз шешимин тапты.

Пуқаралар мүрәжәти өз шешимин тапты.

Шоманай районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы Арал көшеси 32 үйде жасаўшы пуқара Ешмуратов Аббаз 2020-жыл 04-август күни Шоманай районы ҳәкимлигине Шахмат дөгерегине қатнасыўшы оқыўшылардың карантин себепли аралықтан сабақ өтиў ушын Wi-Fi модемине мүтәж екенлиги бойынша жазба мүрәжәт жоллаған.


Ешмуратов Аббаздың мүрәжәти бойынша район ҳәкимлигиниң исши топар ағзалары толық үйренип 2020-жыл 17-август күни Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен 1 дана Wi-Fi модем ҳәм қосымша 10 дана шахмат тахтасы алып берилди ҳәм район ҳәкими 1-сектор баслығы Б.Янгибаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахмановлар қатнасында салтанатлы түрде тапсырылды.


Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content