Múrájat ushın isenim telefonı

background

Судлар искерлиги жетилистириледи

Судлар искерлиги жетилистириледи

“Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында” ғы 6034-санлы Президенти пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық суд системасында 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендегилерди назерде тутыўшы нызам жойбарының ислеп шығылғанлығы көрсетилген; 

ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қатаң қәнигелесиўин сақлап қалған ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын шөлкемлестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судларын шөлкемлестириў;

ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллигин ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларға өткериў;

ҳәкимшилик ҳәм басқа да ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларды шөлкемлестириў, сол мүнәсибет пенен районлық (қалалық) ҳәкимшилик судларын сапластырыў. Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судларының сақлап қалыныўы;

Әмиўдәрья, Нурабат, Байсын ҳәм Пастдарғом районларының экономикалық судларын сапластырыў;

пуқаралық ислери бойынша Янгийўл районлараралық судын, пуқаралық ислери бойынша Ургут, Сўх, Хатирчи, Пахтакор районларының судларын, Пастдарғом районлараралық экономикалық судын, жынаят ислери бойынша Бозатаў, Тақыятас, Бандихан, Топыраққала районларының судын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары маманлық коллегиясының және Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық судларының судьялары маманлық коллегияларының қарарлары үстинен Судьялар жоқары кеңесине шағым етиў ҳуқықын бериў.

Пәрманға муўапық суд системасында 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер енгизиледи:  

а) суд ислерин қадағалаў тәртибинде көриў институтын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Бас прокуроры ҳәм олардың орынбасарларының судтың шешиўши қарарлары, ҳүкимлери, ажырымлары және қарарлары үстинен қадағалаў тәртибинде протест киргизиў ҳуқықын бийкарлаў;

б) жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине әмел еткен ҳалда тәреплердиң қатнасыўында қабыл етиў тәртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўмалық тәртипте көрип шығылыўына тосқынлық ететуғын факторларды оператив түрде анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын беретуғын дәслепки тыңлаў басқышын киргизиў;

в) төмендеги тәртиплерди енгизиў:

районлараралық, районлық (қалалық) судлардың қарарларын ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция суды сыпатында шығарған қарарларын болса Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен апелляция тәртибинде қайта көрип шығыў

апелляция тәртибинде көрип шығылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде қайта көрип шығыў.

Қоңырат районлар аралықэкономикалық суды баслығы ў.ў.а Б.Баймуратов

Телеграмм каналымызға ағза болың. @shomanay_rayon

Skip to content