Мине солардың қатарына Президент қарарына муўапық бир неше жыллардан берли мәмлекетлик статистика органлары тәрепинен исбилерменлик субъектлерден белгиленген финанслық ҳам статистикалық есабатларға қосымша түрде ҳәрқандай мағлыўматлар мағлыўматнама ҳәм басқада ҳүжжетлер талап етилмейтуғын болды. Ал, 2015-жылдың 1-январынан баслап киши исбилерменлик субъектлери статистика есабатларын жылына бир мәрте тапсырыўлары белгиленген. Өзбекстан Республикасының Нызамы менен 2016 жыл 29 декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине Исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың қанийгелериниң жуўапкершилигин жеңиллестиретуғын бирқанша өзгерислер киргизилди. Финанс хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырыўда биринши мәрте хуқуқбузарлыққа жол қойған исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың жуўапкер қәнийгелери жол қойылған нызам бузыўшылық жағыдайын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде ықтыярлы түрде сапластырса ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликтен жәриймалар ҳам финанслық санкциялар қолланалыўынан азат етиледи.
Алдын өзгерис киргизилгенге шекем статистика тараўында исбилерменлик субъекттиң лаўазымлы ўәкили тәрепинен мәмлекетлик статистика есабатын тапсырыў тәртиби биринши мәрте бузылғанда оған қарсы ең кем ис хақының жети есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма санкциясы қолланылыўы белгиленгенеди. Нызамға киргизилген өзгериске муўапық хуқуқбузарлыққа биринши мәртебе жол қойған исбилерменлик субъекттиң лаўазымлы ўәкили ҳуқуқбузарлық анықланған күннен баслап отыз күн мүддетте жол қойылған нызам бузыўшылық жағыдайын ықтыярлы түрде сапластырса, яғный мәмлекетлик статистика есабатын усы мүддетте тапсырса яки есабатта жиберген кемшиликти дүзетсе оған қарсы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында ис жүргизилмейди.
Шоманай районы Статистика бөлими