Múrájat ushın isenim telefonı

background

Әдил судлаўды тәмийнлеў ҳәм коррупцияға қарсы гуресиў.

Әдил судлаўды тәмийнлеў ҳәм коррупцияға қарсы гуресиў.

2020-жыл 30-июнь куни Ҳурметли Президетимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Республикамыздағы бәрше жоқары турыўшы уйымлар  қатнасында әдил судлаўды тәмийнлеў ҳәм коррупцияға қарсы гуресиў барысындағы ўазыйпалар бойынша Видеоселектор өткерилди. Президентимиз әдил судлаўды тәмийнлеў ҳәм коррупцияға қарсы гуресиў, усы еки мәселе туўры жолға қойылмаса қандай қәўип-қатерлерге алып келиўи мумкинлигин айтып өткен. Яғыный:

-базар экономикасына, сондай-ақ, мәмлекет раўажланыўына коррупция ҳәм суд дизими унемли ислемей атырғанлығы тосық болып атырғанлығы;

-коррупция әқибетинде дуньяда жылына 1 триллион доллар бюджет қәрежетлери жойтылады;

-әдил судлаўсыз коррупция ҳәўиж алып, инсан ҳуқықлары бузыла береди, инвестор, исбилермен, адамлар мәмлекетке исенбей қойыўы; Сол себепли усы баслы мәселелер жузесинен 3 жылда 20 дан артық нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилген. Реформалар ңәтийжесинде судлар тәрепинен биринши мәрте 2 мың 273 пуқараға ақлаў ҳуқими шығарылған. Сондай-ақ, жынаят жолына билип-билмей кирген 3,5 мыңнан артык жаслар ҳәм ҳаял-қызларға мәҳәле ҳәм жәмийетшилик кепиллиги қолланылып, азатлықтан айрыў жазасы тайынланбады. Иисан ҳуқықлары бузылғанлығы ушын 60 ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери жынайый жуўапкершиликке тартылды. Бул өзгерислер адамларда ҳақыйқат ҳәм әдилликке болған исенимин беккемленгенин айтып өткен; Бирак, ҳалқымыз суд-ҳуқық дизиминен разы деўге еле ерте.

Бириншиден, биз соңғы уш ярым жылда сорастырыў ҳәм тергеў процесслеринде қыйнаўға жол қоймаў бойынша қатаң ҳәм артқа қайтпайтуғын реформалар әмелге асырығанлғын айтып, бирақ, Әндижан қала ҳәм Чироқчи район ишки ислер уйымларында жуз берген қайғылы жағдайлар дизим басшыларын оятыўы, анық шешимлер шығарыўға  ундеўи кереклиги айтылған. Усы жағдай әқибетинде 2 инсан өмирден ерте көз жумды. Олардың шаңарақлары бул ҳуқық қорғаў уйымлары  басшыларынан емес, мәмлекеттен наразы екенлиги, не ушын бақлаўшы орган басшылары халықтан кеширим сорамағанлығын айтып өтти. Хәзирги кунде усы жынаятларға байланыслы 11 ишки ислер хызметкерлери нызам алдында жуўап бермекте, 7 басшы лаўазымынан азат етилди, және 16 хызметкери интизамий жуўапкершиликке тартылды. Ҳурметли Президентимиз: “Суд имәратына келген ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдиллик барлығына исенип шығып кетиўи керек” – деген талап қойды. Сондай-ак, жыл ақырына шекем суд мәжилислерин аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда мәжбурий қайд етиў дизимин жаратыў көзде тутылған. Және бир мәселе- судқа барыў ушын айрым район ҳәм қалаларымызда халыққа қолайлық жаратыў, жеке мулк нызам ҳәм суд кепилликли қорғаўында болыў зәрурлигин айтып өтти. Судлардың пуқара ҳәм исбилерменлер пайдасына шығарған қарарлары себепли бирде-бир басшы оларға басым өткизиўге ҳәрекет қылса, реформаларымызға қыянет қылған болыўы уқтырылды. Суд басшылары, судьяларды ўалаят, райондағы суд иси менен байланыслы болмаган турли жыйналысларға қатнастырылыўы қадаған етилди. Сондай-ақ, “Әдиллик” хабар дизими комплексин иске тусириў көзде тутылған. Бунда ҳәмме ушын судларға электрон муражаат қылыў, муражаатлар жағдайын онлайн тәризде көрип барыў, тәреплерге мағлыўматларды электрон турде жибериў имканыяты жаратыў кереклиги айтылды. Президентимиз 2020-жыл 30-июнь куни “Коррупцияға қарсы гуресиў агентлигин шөлкемлестириў” ҳаққында пәрман имзалады. Мәжлис соңында басшылардың пикирлери тыңланып, алдағы ўақытта ислениў лазым болған тапсырмалар берилди.

Шоманай районы әдиллик бөлими баслығы Ж.Сейтеков

Skip to content