Múrájat ushın isenim telefonı

background

Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў.

Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў.

«Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин жәнеде күшейтиў иләжлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы (ПП-6041-сан, 10.08.2020-жыл) қабыл етилди. Пәрманға муўапық, жынаятларды ашыў жумысларын жәнеде жетилистириў мақсетинде төмендегилер белгиленди:

-гуманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшыдан арза, тусиник ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси жүритиўинде болған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба рухсатына тийкар ҳәм тек ғана қорғаўшы қатнасында әмелге асырыў (белгиленген тәртипте қорғаўшыдан бас тартылған жағдайлар буннан тысқары);

-жынаят ислеўде гуман қылынып атырған шахсты услап турыў муддетин ол ҳақыйқатта усланған ўақыттан баслап есаплаў;

-шахс әмелде усланған ўақыттан баслап, тийисли лаўазымлы шахс ол менен байланыслы сорастырыў ҳәм тергеў ҳәрекетлерин өткериўден алдын адвокат пенен өз алдына ушрасыўын тәмийнлеў шәртлигин белгилеў;

-өғада аўыр жынаят исленгенликте гуман қылынып атырған ямаса айыпланып атырған шахсларга байланыслы ислер бойынша, сондай-ақ шахсқа қарата қамаққа алыў үй қамағы тәризиндеги бас шарасын қоллаў мәселеси көрип шығылып атырғанда қорғаўшының қатнасыў шәрт екенлигин белгилеў. 

Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы ў.ў.а Б.Баймуратов

Телеграмм каналымызға ағза болың @shomanay_rayon

Skip to content