Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейттириў иләжлары ҳаққында

Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейттириў иләжлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы «Тоғай ҳаққындағы» Нызамы (Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери топламы 2006-жыл 41-сан)на, Өзбекстан Республикасы «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 11-ноябрдеги 506-санлы қарарының 1-қосымшасына муўапық «Республика тоғайларын қорғаў бойынша айырым норматив ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы Қағыйдасына ҳәм Өзбекстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына тийкарланып

Ш Е Ш И М      Е Т Е М Е Н :

1. Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы фонды аймағында 2020-жыл 31-декабрь сәнесине шекем «Тоғай хожалығы фонды жерлеринде өрт қәўипсизлиги мәўсими» деп белгиленсин.

2. Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды қадағалап барыўшы комиссия қурамы 1-қосымшаға, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ис-иләжлар 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3. Өрт қәўипсизлиги мәўсиминде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға қойылатуғын талаплар етип төмендегилер белгиленсин:

Тоғай хожалығы фонды жерлери шегарасы ҳәмде тоғай хожалығы участкаларында өрт қәўиплилиги ўақтында оттың жағылмаўы;

Тоғай хожалығы жерлеринде аң аңлаў ўақтында тез жанып кететуғын яки түтеп жанатуғын материаллардан пайдаланбаў:

Майлаў материаллары, бензин, керосин ҳәм басқа тез алысыўшы затлар сиңдирилген тазалаў материалларын участкаларда усы мақсетлер ушын нәзерде тутылмаған орынларда қалдырмаў:

Тоғай хожалығы участкаларында двигатель ислеп турған ўақытта жанылғы бакларына жанылғы қуйылмаўы, двигательдиң энергия системасы насаз болған машиналардан пайдаланбаў, жанылғы қуйылатуғын машиналар жанында шегиў ямаса ашық өрттен пайдаланбаў:

Тоғай участкаларында, отлақ жерлерде отларды ҳәмде қорғаныў ҳәм көклемзарластырыў терекзарларына тиккелей тутасқан жер участкаларында от жақпаў;

Қалған орынларда әтирапы кеминде 4 метр болған кеңликтеги майданшаларда от жағыўға рухсат етиледи ҳәм пайдаланыўдан кейин тезде пухталық пенен өширилиўи шәрт.

1. Райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге:

а) тоғай участкасы жерлеринде жумыслар исленгенде жанылғы ҳәм майлаў материалларын тийисли стандарттағы жабық ыдысларда сақлаўын, өрт қаўипсизлиги мәўсиминде олар сақланатуғын орынларда өсимлик қатламын, терек қалдықларын ҳәм басқа тез жанатуғын материаллардан тазалаўын ҳәмде кеминде 1,4 метр кеңликте мәденийлестирилген қорғаў майданы менен дөгерегин ораўы;

б) объектлер жайласқан орынларда ямаса мәдений-ғалабалық ҳәм басқа иләжлар өткерилгенде аймақта Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик Комитети ҳәм Айрықша Жағдайлар Министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын нормалар бойынша тоғайлардағы өртлерди өшириў ушын өртке қарсы әсбап-үскенелерге ийе болыўын.

в) Өрт қәўипсизлиги мәўсиминде өзиниң дизиминде ямаса тоғайда жумысларды орынлаўшы айырым бөлимлерде, сондай ақ тоғайларда жайласқан қорғанларда ислеўши ҳәм басқа пуқаралардан ибарат өртке қарсы көмекши дружиналар дүзиўди тәмийинлесин.

5. Тоғай хожалығы участкасында жумыс орынлаўшы ямаса объектлерге ийе болған кәрханалар, мәкеме шөлкемлер басшылары өрт қәўипсизлиги мәўсими басланыўы алдыннан, тоғай хожалығы жерлеринде мәдений-ғалаба ҳәм басқа иләжлар өткерилиўи ушын жуўапкер шахслар болса, тоғай участкаларына барыў алдыннан өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў ҳәм өртлер пайда болыўының алдын алыў ҳаққында, сондай ақ оларды өшириў усыллары ҳаққында хызметкерлерге ямаса мәдений-ғалабалық ҳәм басқа иләжлар қатнасыўшыларына айрықша китапқа имза қойдырған ҳалда қолланбалардың берилиўи тәмийинленсин.

6. Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы (З.Қалмуратов), районлық айрықша жағдайлар бөлими (А.Атамуратов) ҳәмде ҳәким орынбасары (Д.Ибадуллаева) менен биргеликте «Тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлиги мәўсими» ҳаққында халық арасында кең түрде үгит-нәсият жумысларын алып барсын.

7. Шоманай район ҳәкимлиги баспа сөз хаткери (Ю.Сейдуллаев), Қарақалпақстан Республикасы Телерадио компаниясы районлық хабаршысы (У.Насыров), «Шоманай нуры» газетасы редакторы (К.Наўрызов) «Тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлиги мәўсими» ҳаққында ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў тапсырылсын.

8.  Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары М.Темирханов ҳәм Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы директоры З.Қалмуратовларға жүклетилсин.

Район ҳәкими:-                                                      Б.Янгибаев

Шоманай районы ҳәкиминиң  2020-жыл «__»­­­­_­­­­­­___________  ­­­ _____-санлы шешимине 1-қосымша

Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды қадағалап барыў бойынша комиссия қурамы

1 Район ҳәкиминиң орынбасары комиссия баслығы   М.Темирханов
2 Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы директоры комиссия орынбасары   З.Қалмуратов
Комиссия ағзалары  
3 Районлық аўыл хожалығы бөлими баслығы ў.ў.а   Қ.Исаков  
4 Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Шоманай районы инспекциясы баслығы          А.Бабажанов  
5 Районлық айрықша жағдайлар бөлими баслығы   А.Атамуратов  
6 Районлық абаданластырыў бөлими баслығы     М.Тажимуратов  
7 Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы бас тоғай төреси     Н.Наматуллаев  
8 Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы инженери   Н.Абдуллаева
9 Шоманай қәнийгелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы тоғай устасы К.Джугинисов

Skip to content