Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018-жыл 13-апрель күнги ПҚ-3666-санлы қарары менен тастыйқланған “Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлиги ҳаққында”ғы Режениӊ
10-бәнтинде пуқаралардыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаў бойынша ис-иләжлерди әмелге асырыўы, 20-бәнтинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин бузылғанлығы ҳаққындағы мүрәжатлерди көрип шығыўы көрсетилген.
Усы мүнәсийбет пенен, Шоманай районы әдиллик бөлимине Шоманай районы “Агросервис МТП” ЖШЖде жумыс ислеўши
12 хызметкери 2019-жыл июнь айында төленбей атырған айлық ис-ҳақыларын өндириўде әмелий жәрдем сорап жоллаған мүрәжати бөлим тәрепинен үйренип шығылды.
Бул мүрәжәтлерди үйрениў нәтийжесинде Шоманай районы “Агросервис МТП” ЖШЖ тәрепинен мүрәжәт ийелерине
2017-2019-жыллар аралығында 126.025.920 сум муғдарында ис-ҳақылары төленбегенлиги анықланды.
Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 154-статьясында жумыс бериўши өзиниң финанслық жағдайына қарамастан, хызметкерге орынлаған жумысы ушын ис ҳақысын белгиленген мийнет ҳақы шәртлерине муўапық усы Кодекстиң 161-статьясында көрсетилген мүддетлерде төлеўи шәрт деп белгиленген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 13.04.2018-жылдағы 3666-санлы Қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режениӊ 12-бәнтинде әдиллик органлары …, мәмлекетлик, юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәплерин көзлеп судларға мәмлекетлик бажы төлеместен арзалар ҳәм даўаларды киритиўи көрсетилген.
Жоқарыда көрсетилгенлерге тийкарланып, Шоманай районы әдиллик бөлими тәрепинен 2019-жыл июль айында бул ис ҳақыларды өндириў мақсетинде Пуқаралық ислери бойынша Қоӊырат районлар аралық судына арза киритилди ҳәм мүрәжәт ийелериниӊ пайдасына Шоманай районы “Агросервис МТП” ЖШЖинен 126.025.920 сумлық ис ҳақыларын өндириў бойынша суд буйырығы шағарылды.
Бул суд буйырықларыныӊ орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Шоманай районы мәжбүрий орынлаў бюросына жиберилди ҳәм суд буйырығы орынланып мүрәжәт ийелериниӊ 126.025.920 сумлық ис ҳақылары төлеп берилди.
Буннан тысқары, Шоманай районы әдиллик бөлими тәрепинен мекеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен хызметкерлерге ис-ҳақыларыныӊ өз ўақтында төлениўи ҳамде мийнет нызамшылығына әмел етиўи жағдайлары турақлы рәўиште мониторинг өткерилип үйренилип келинбекте.
Шоманай районы әдиллик бөлими
баслығы Ж.Сейтеков