Шоманай районы пуқаралык ҳалаты актлерин жазыў бɵлими коронавирус пандемиясы дәўирине байланыслы жумыс алып бара отырып, тийкарынан ең зәрүрли кешиктирип болмайтуғын ҳүжжетлерди жазыўды әмелге асырмакта.
Атап айтканда жаңа дүньяға келген нәрестелерге туўылғанлық ҳаққында гуўалық жазыў ҳәм районда ɵлим жағдайы болганда пуқараның ɵлимин дизимнен ɵткергенин тастыйықлаўшы ҳүжжетти жазыўды әмелге асырып атырмыз. Мәселен ɵткен айда районда 85 дана ҳүжжет жазылған болса басқа ҳүжжетлерди карантинге байланыслы ўақытша тоқтатылып, халқымыздың коронавирус кеселлигинен сақланыўы илажлары әмелге асырылмақта.
Ҳәзир халық саламатлағын сақлаў мәмлекет кɵлеминдеги әҳмийетли мәселе. Сол себепли жоқарыда атап ɵтилген әмелий ислер талап тийкарында турмысқа асырылмақта. Карантин дәўири ɵткеннен кейин алып баратуғын жумысларымыз бурынғысынша әмелге асырылады. Имканияттан пайдаланып бәршени карантин талапларын орынлаўга шақырып қаламан.
Шоманай районы ПҲАЖ бɵлими
1-дәрежели инспекторы ў ў а: П.Ибраимова