Múrájat ushın isenim telefonı

background

Д А Ғ А З А!

Д А Ғ А З А!

Фермер хожалықлары дыққатына!

         Ғәлле туқымгершилиги бирлеспеси 2021-жыл туқым ғәлле жетистириў ушын 2020 жыл
15 август күни фермер хожалықлары арасында тендер тийкарында таңлаў өткерилетуғынлығын мәлимлейди:

        Таңлаўға қатнасыў ушын жер балл бонитети жоқары зүрәәт жетистириў имканиятына ийе болған фермер хожалықлары таңлап алынады. 

Таңлаўға қатнасыў ушын талабанлардан төмендеги ҳүжжетлер қабылланады:

1.Жер балл бонитети ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы;

2. Суў менен тәмийинлеўи контурлар бойынша мағлыўм

аты;

3. Фермер хожалығында ислеўшилердиң қәнийгелиги ҳәм ис стажы ҳаққында мағлыўматы;

4. Фермер хожалығы устав қорына төлеген пулының муғдары ҳаққында банк мағлыўматы;

5. Фермер хожалықларының техникалары бойынша мағлыўматы;

6. Фермер хожалықларының кейинги 3 жылда ғәлле жетистириў шәртнамасын орынланғанлығы хаққында районлық статистика бөлиминиң мағлыўматы;

7. Фермер хожалығы майданында соңғы үш жыл даўамында 3.2.1 жылда  кеселликлер, зыянкеслерге хәм жабайы шөплер күшли тарқалыўы күзетилди-күзетилмеди.

         Таңлаўға қатнасыў ушын қосымша мағлыўматларды Ғәлле туқымгершилиги бирлеспесинен алыўыңызға болады.

        Мәнзили:Шоманай районы Аўыл хожалығы бөлими

                                               А.Мусаев көшеси 18-үй

Skip to content