Шоманай районы әдиллик бөлимине 2020-жыл март айында районлық медицина бирлеспеси реанимация бөлиминиӊ жәми
25 хызметкериниӊ лаўазым айлық ис ҳақысына үстеме пулларыныӊ (за вредность) қосылмай атырғанлығынан наразы болып жоллаған мүрәжатлери бөлим тәрепинен үйренип шығылды.
Үйрениў нәтийжесинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 21.12.2005-жылдағы 276-сан қарары менен тастыйқланған “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик мекемелери медицина ҳәм фармацептика хызметкерлери мийнетине ҳақ төлеў тәртиби ҳәм шәртлери ҳаққында”ғы Режениӊ 2-қосымшасы 3.7-бәнтине тийкар Анестезиология-реанимация бөлимлериниӊ врачлар, орта ҳәм киши медицина хызметкери лаўазымлары ушын ислеў тариф ставкасына (лаўазым ис-ҳақысына) қосылыў керек болған 25% муғдарында үстемелерди 2017-2018-жыллар даўамында район медицина бирлеспеси тәрепинен тийкарсыз төленбей киятырғанлығы анықланды.
Шоманай районы әдиллик бөлими тәрепинен бул мүрәжәт ийелерине 2017-2018-жыллар даўамында жәми 80.563.618 сумлық айлық ис-ҳақыларына қосымша үстеме пуллары төленбей қалғанлығы анықланып, Пуқаралық ислери бойынша Қоӊырат районлар аралық судына мүрәжәт ийелерине төленбей қалған пулларын өндириў бойынша арза киритилди ҳәм мүрәжәт ийелериниӊ пайдасына үстеме пулларды өндириў бойынша суд буйырығы шығарылды. Бул суд буйырықларыныӊ орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Шоманай районы мәжбүрий орынлаў бюросына жиберилди ҳәм суд буйырығы орынланып мүрәжәт ийелериниӊ 80.563.618 сумлық айлық ис-ҳақыларына қосымша үстеме пуллары төлеп берилди.
Сондай-ақ, районлық медицина бирлеспеси реанимация бөлиминиӊ 8 хызметкери тәрепинен усы жылы май айында лаўазым айлық ис ҳақысына үстеме пулларыныӊ (за вредность) қосылмай атырғанлығынан наразы болып жоллаған мүрәжатлери бөлим тәрепинен үйренип шығылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 21.12.2005-жылдағы 276-сан қарары менен Реже талаплары тийкарында 2017-2018-жыллар даўамында бул хызметкерлерге 14.320.268 сум муғдарында ис ҳақысына үстеме пуллары (за вредность) төленбегенлиги анықланды ҳәм район әдиллик бөлими тәрепинен район медицина бирлеспесине 8 хызметкердиӊ пайдасына 14.320.268 сум муғдарында ис ҳақысына үстеме пулларын өндириў бойынша усыныс киритилип, бул усыныс нәтийжесинде май айыныӊ ис-ҳақысына қосымша төлеп берилди.
Шоманай районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси Е.Канназаров