Соңғы ўақытлары Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен халқымыздың аўырын жеңил қылыў мақсетинде бир қанша Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилмекте. Усындай қарарлардың бири Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик медецина бирлеспелери тәрепинен пуқараларға мағлыўматнамалар бериў тәртибин жәнеде әпиўайыластырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 2020-жыл
10-январьдағы 18-санлы қарары болып табылады.
Карарға тийкар арза бериўши мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип яки бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етеди. Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси арза бериўши атынан сораўнама толтырады.
Мәмлекетлик хызмети, орайлары арқалы хызмет көрсетилгенлиги ушын базалық есаплаў муғдарының 2 пайызы муғдарында (нәгиранлығы болған яки толық мәмлекет тәмийнатындағы пуқаралар буннан тысқары) жыйым өндириледи.
Егер Мәмлекетлик хызметтен пайдалынаў ушын бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат еткен жағдайда сораўнаманы өзи ғәрезсиз тәризде толтырады ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мүрәжат еткенде төленетуғын сумманың 90 пайызы муғдарда, яғный 10 пайызға шегирме менен жыйым төленеди.
Ўәкилликли орган сораўнама түскен ўақыттан баслап реал уақыт режиминде
QR-код (матрик штрихлы код) қойылған мағлыўматнаманы рәсмийлестиреди ҳәмде мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.
Мәмлекетлик хызметлер орайы арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, арза бериўшиниң сораўына көре, оған мағлыўматнаманы электрон көринисте яки қағаз көринисинде мөрин басып, жуўапкер қәнигениң имзасын қойып береди.
Бундай қарарлардың қабыл етилиўи ҳалқымыздың узағын жақын қылыў, олардың қымбатлы ўақытларын тежеў ҳәм артықша сарып-қәрежетлериниң алдын алыўдан ибарат.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы
бас қәнийгеси С.Мырзабаев