Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Биз биргеликте күшпиз!”

“Биз биргеликте күшпиз!”

Әзиз пуқаралар!

Бүгинги сынаўлы күнлерде ҳеш қандай ҳаўлықпаға түспестен, карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўимиз керек. Ҳәзирги күнде дийқаншылық жумыслары басланатуғын ўақыт болғанлығы себепли пуқаралардан, түскинликке түспестен, керекли медициналық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда тамарқа жерлеринен пайдаланыў жумысларын үзликсиз алып барыўымыз тийис.

Мәмлекетимиз басшысының пуқараларымызға тәкирар-тәкирар күйинип мүрәжәт етиўи, биз депутатларға үлкен жуўапкершилик жүклейди. Депутатлық топары ағзалары Президентимиздиң усыныс ҳәм пикирлерин исбилерменлер, фермерларимизди қоллап-қуўатлаған ҳалда берилген имтиязлар, имкәниятларды толық түсиндириў, үгит-нәсият жумысларын алып барыўға жақыннан көмекши болады. Қәдирли сайлаўшыларымызды карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўге, көшеге тийкарсыз шықпастан үйде отырып, шаңарағы ҳәм жақынларының саламатлығы ҳаққында ойлаўға шақырамыз.

Ҳүрметли пуқаралар!

Коронавирус кеселлигиниң кең тарқалыўына жол қоймаў ҳəр биримиздиң өз қолымызда. Буның ушын ҳəр-биримиз карантин дəўиринде коронавирус кеселлигиниң алдын алыўдың барлық шара-илажларын көриўимиз ҳәмде шыпакерлер тəрепинен усыныс етилип атырған көрсетпелерди булжытпай орынлаўды баслы ўазыйпамыз деп билиўимиз тийис.

Сизлердиң шаңарақларыңызға саў-саламатлық тилеген ҳалда бәршеңизди үйде қалыўға шақырып қаламан. Көринбес душпанды әлбетте бирлескен ҳалда жеңип шығамыз! «Биз биргеликте күшпиз!»

Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси O’zLiDeP депутатлық топары баслығы  Б.Қдырниязов

Skip to content