Бүгинги күнниң глобал машқаласына айланған коронавирус пандемиясы пүткил дүньяны тәшўишке салмақта. Шыпакерлеримиздиң тынымсыз машақатлы мийнети нәтийжесинде саўалып атырғанлар көпшиликти қурамақта, бүгинги күнде дүньяның дерлик барлық еллеринде пандемияға қарсы иләжлар күшейтилмекте.
Мәмлекетимиз бойлап көпшилик орынларда карантин жарияланған болса да, Мәмлекетлик хызметлер орайлары өз искерлигин тоқтатпастан пуқараларға зәрүр ҳәм кешиктирип болмайтуғын хызметлерди карантин талапларына әмел еткен ҳалда көрсетиўди даўам етпекте.
Атап айтқанда, 2020 жылдың карантин дәўиринде орай тәрепинен 3512 мәмлекетлик хызмет көрсетилген болып, соннан
52 юридикалық, 3388 физикалық шахсларға хызметлер көрсетилген.
Исбилерменлик искерлиги бойынша 34 юридикалық шахс, 22 жеке исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимге алынды,
14 юридикалық шахс, 2 жеке исбилерменлик субъектлери қайта дизимге алынды.
Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы хызметлер
карантин талапларына толық әмел еткен ҳалда яғный: орайға келген мүрәжатшылардың
дене температурасын өлшеп, қолларын антисептик өнимлер менен дезинфекция
қылынып, дизимге алыў дәптершесине барлық мағлыўматлары жазып алынып,
2 метрлик социаллық ара қашықлықты сақлаған ҳалда аралықтан хызмет көрсетиў
жолға қойылған.
Соның менен бирге орай имараты әтирапы ҳәм бөлмелер Шоманай районы санитария-эпидемиология тынышылық орайытәрепинен ҳәр күни 2 мәртебе дезинфекция қылынбақта.
Буннан тысқары орайда хызмет көрсетиў ушын пирометр өлшеў үскенеси, қорғаныў нықаплар, қолқаплар, антисептик үскенелер менен толық тәмийинленген.
Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер түри 130 дан аслам болып, бул мәмлекетлик хызметлердиң бәршеси аралықта (дистанцион) турып интернет тармағы арқалы онлайн тәризде яғный, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўыңыз мүмкин.
Бунда Сизиң қымбатлы ўақтыңыз, финанслық қәрежетлериңиз ҳәмде артықша әўерегершиликлер де болмайды, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметтен пайдаланыўыңыз ушын төлемиңиз 10 пайызға шегирме бериледи.
Буның ушын ең алды менен Сизде my.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын дизимнен өтиў зәрүр, электрон мүрәжатларды жибериўде электрон санлы имза болыўы тийис.
Соның менген бирше ендиликте электрон санлы имзаны онлайын тәризде алыўыңыз ушын мүмкиншилик жаратылды. Буның ушын Сиз орайға келместен, үйиңизде яки жумыс орныңызда отырып e-imzo.uz порталынан төмендеги усылларда электрон санлы имза сертификатларын алыўыңыз мүмкин:
– электрон санлы имза сертификатын алыў ушын сораўнаманы толтырыў ҳәм паспорт нусқасын, сондай-ақ паспорттың алды тәрепи селфий фотосүўретин қосымша қылыў, (фотосүўреттиң көлеми
5 Мбтан аспаўы керек);
– хызмет ушын төлемди әмелге асырыў, (имтиязға ийе болғанлардан тысқары) яғный физикалық шахслар ушын-базалық есаплаў муғдарының 7 пайызы, юридикалық шахслар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында: payme, (click, upay, paynet тағы басқа усылларда) төлеў;
– сертификат таярлығы бойынша СМС-хабарнаманы алғаннан кейин өз арзасын
e-imzo.uz сайтында табыў;
– электрон санлы имза сертификаты алынғанлығын тастыйықлаў ҳәм оны компьютерге жүклеў зәрүр.
Демек, Сиз жоқарыдағы усыллардан пайдаланған ҳалда электрон санлы имзаны алсаңыз орайға келиўиңизге қәжет болмайды.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының “Электрон ҳүкимет ҳаққында”ғы Нызамға муўапық, электрон санлы имза менен бәрше мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, сондай-ақ, банк хызметлериниң барлық түрлеринен еркин пайдаланыў имкәниятын тәмийинлейди.
Сондай-ақ, қағаз ҳүжжетке қолда өзи қойған имза менен бирдей әҳмийетке ийе екенлиги белгиленген. Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы өзиңизди қызықтырған мағлыўматларға ийе болыўыңыз ушын davxizmat.uz сайтынан пайдаланыўыңыз мүмкин.
Булардың бәршеси пуқараларымыздың пайдасы, олардың шараятларын жақсылаў ҳәм ўақытларын тежеў ушын хызмет қылады.
Сонлықтан да, жоқарадағы көрсетип өтилген имкәниятлардан зәрүрлик болмаса үйден шықпаған ҳалда пайдаланып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясынан өзлеримизди, жақынларымызды қорғаўымыз ҳәмде оған қарсы гүресиўимиз зәрүр.
Өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың саламатлығы Сизиң қолыңызда! Мәмлекетлик хызметлеринен онлайн тәризде my.gov.uz электрон порталы арқалы пайдаланың.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы
бөлим баслығы Даўлетмуратов Бахадир Ерполатович.