Бүгинги күнде районымызда Санаат кәрханалар тәрепинен ислеп шығрылған санаат өнимлери 15,4 млрд сумды қураған болып соннан тутыныў товарлар айланбасы 7,3 млрд суумды қурайды. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 153,4% ти қурайды. Ал соның менен бирге аўыл хожалығына тоқталып өтетуғын болсақ жәми көрсеткишлер 31,8 млрд сумды қураған болып өткен жылғы дәўирге салыстырғанда 103% ти өсимди көрсетеди. Тийкарғы капиталға киритилген инвестицияларға тоқталып өтетуғын болсақ январь-март айларында 16,2 млрд сумды қурайды. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 99,1% ти қурайды. Қурылыс ислерине нәзер аўдарсақ усы дәўирде жәми 10,2 млрд сумлық қурылыс ислери исленген болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,2% ти қурайды..Усақлап сатыў товарлары айланбасы көрсеткишлери усы жылдың январь-март айларында 29,2 млрд сумды қураған болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,5%ти қурайды.Районымыздың экспорт товарларын мың АҚШ долларынды есапланған көрсеткишлери жәми 0,30 мың АҚШ долларын қураған болса өсиў көрсеткишлери өткен жылға салыстырғанда 109,9% ти қурайды соның менен бир қатарда импорт товарлары көлеми 0,3 млрд сумды қураған болып өсиў сүўрети 14,5% ти қурайды. Елимиздиң социал-экономикалық көрсеткишлерин еледе көтермелеўге мийнетлерин аянбай ҳалмай талмай жумыслар алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине күш-қуўат тилеп қаламыз.
Мағлыўматлар Шоманай районы Статистика бөлими тәрепинен таярланған.