Múrájat ushın isenim telefonı

background

Әдиллик министрлиги жуўапкершилигине қосымша ўазыйпалар жүклетилди

Әдиллик министрлиги жуўапкершилигине қосымша ўазыйпалар жүклетилди

«Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик органлары ҳәм мәкемелери искерлигин еледе жетилистириў ис-илажлары ҳаққында» Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен Әдиллик министрлиги жуўапкершилигине бир қатар қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүклетилди.

Атап айтқанда, министрлик әдиллик органлары ҳәм мәкемелери искерлигине санлы технологияларды кең енгизиў ҳәмде мәмлекетлик хызметлерин санластырыў арқалы «виртуал әдиллик» системасын иске түсиреди.

Пәрман менен 2020-2024-жылларда әдиллик органлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыў концепциясы ҳәм концепцияны
2020-2021-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Сондай-ақ, Пәрман менен 2020-2024-жылларда әдиллик органлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) тастыйықланды.
Министрлик 2020-жыл жуўмағына шекем атап айтқанда төмендеги тийкарғы мақсетли көрсеткишлерге (индикаторларға) ерисилиўин тәмийинлейди:

-Министрлик тәрепинен ислеп шығылатуғын нызам ҳүжжетлерин туўрыдан-туўры әмел етиўши нызам жойбарлары сыпатында қабыл етиў арқалы олардың үлесин 20 процентке жеткериў;

-мәмлекет басқарыўы системасын функционал анализлеген ҳалда министрлик ҳәм кеңселердиң кеминде 10 функцияларын мәмлекетлик емес секторға өткериў бойынша усыныс киритиў;
2018–2019-жылларда жаңа (қайта) шөлкемлестирилген 8 министрлик ҳәм кеңселер искерлигин үйрениў;
электрон формада көрсетилетуғын мәмлекет хызметлери үлесин
12 процентке жеткериў;

– халыққа Мәмлекетлик хызметлери орайлары тәрепинен көрсетилетуғын жаңа хызметлер санын 12 ге асырыў;

-мәмлекетлик емес нотариат формасына айландырылған мәмлекетлик нотариал кеңселериниң үлесин 95 процентке жеткериў;

-29 нызам асты ҳүжжетлери менен белгиленген жуўапкершилик ҳәм санкция нормаларын терең анализлеў ҳәм тийисли нызамларға киргизилиўин тәмийинлеў.

Шоманай районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси Е.О.Канназаров

Skip to content