Múrájat ushın isenim telefonı

background

КОРРУПЦИЯ ТҮСИНИГИ ҲӘМ ОҒАН ҚАРСЫ ГҮРЕС

КОРРУПЦИЯ ТҮСИНИГИ ҲӘМ ОҒАН ҚАРСЫ ГҮРЕС

Коррупция – лаўазымлық дәрежесинен өзиниң жеке мақсетлеринде мәп көриў ушын нызамға қарсы пайдаланыў менен байланыслы жәмийетлик-ҳуқықый ҳәдийсе. Көпшилик жағдайларда коррупция дегенде, мәмлекетлик лаўазымдағы шахслардың нызамсыз пайда көриўи менен байланыслы пара алыўы, пара бериўи түсиниледи. Ямаса, коррупция бул, кең көринисиндеги жынайый бирлеспе деп те сыпатланады.
БМШ ниң Бас Ассамблеясының 2003-жыл 31-октябрьдеги 58/4 санлы Қарары менен қабыл етилген «Коррупцияға қарсы Конвенция»ның кирис сөзинде коррупция – бул жәмийетти түрли жоллар менен қысқыға алыўшы қорқынышлы иллет деп түсиник бериледи. Ол демократия ҳәм нызам үстинлиги тийкарларына зыян келтиреди, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базар искерлигине тосқынлық етеди, жасаў шәраятының сапасын төменлетеди ҳәм адамлар қәўипсизлигине қәўип салатуғын шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселердиң пайда болып, раўажланыўы ушын шәраят жаратып береди.
Этимолигиялық келип шығыўы бойынша «коррупция» – латын тилинен corruptio – бузыў, сатып алыў, пара берип өзине қаратып алыў сөзиниң мәнисин береди. Коррупция атамасының түп мәнисинен келип шығып, оған теориялық сыпатлама беретуғын болсақ, коррупция – бул мәмлекетлик ўазыйпаны орынлаўшы лаўазымлы шахстың яки жуўапкер лаўазымлы шахстың өз ийелеп турған лаўазымы ҳәм лаўазымы менен байланыслы абыройынан, мүмкиншилигинен жеке байлық арттырыў мақсетинде, дәмегөйлик нийетинде бир шахстың яки бир топар шахслардың мәпин гөзлеп  ҳәкимиятқа зыян келтириўи менен байланыслы жәмийетке қәўипли ҳәдийсе. Өзбекстан Республикасының ҳәрекеттеги Жынаят ҳуқықында коррупция жынаятының арнаўлы түсиниги яки усы тараўдағы жынаятларды нәзерде тутатуғын арнаўлы бөлим, бап яки коррупция ушын жуўапкершиликти тиккелей нәзерде тутатуғын норма жоқ. Лекин, жоқарыдағы түсиниклерден келип шығатуғын болсақ, коррупция жынаятына шөлкемлескен жынаятшылық, пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў, сондай-ақ, хызметкерди пара берип өзине қаратып алыў, таўламашылық жол менен ҳақы бериўди талап етиў сондай-ақ, экономика тараўындағы, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм  шахсытың өз лаўазымынан нызамсыз пайдалыныўы менен байланыслы ислеген ҳәр қандай жынаяты киреди.

Бул жынаят түрлери Жынаят кодексинде төмендеги статьяларда берилген: өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў (167-ст.), пара алыў (210-ст.), пара бериў (211-ст.), пара алыў-бериўде дәлдәлшылық етиў (212-ст.), хызметкерди пара берип сатып алыў (213-ст.), таўламашылық жолы менен ҳақы бериўди талап етиў (214-ст.) жынаятлары есапланады. Жынаят кодексинде булардан басқа және шахстың лаўазымынан нызамсыз пайдаланыўы менен исленетуғын бир неше жынаят түрлери ушын жуўапкершилик көрсетилген: ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллигине қыянет етиў (205-ст.), ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллиги шегерасынан шетке шығыў (206-ст.), лаўазымына бийпарўалық пенен қараў (207-ст.), ҳәкимият ҳәрекетсизлиги (208-ст.), лаўазым жалғанлылығы (209-ст.), жынайый искерликтен алынған дәраматларды әшкараластырыў (243-ст.), жынайый бирлеспе дүзиў (242-ст.).
Бул жынаятлардың жәмийетке қәўиплилиги соннан ибарат, жынаятлар нәтийжесинде ҳәкимият, басқарыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелери органларының искерлиги тәртибин қорғаў тараўындағы жәмийетлик қатнасықларға, пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерине зыян келеди.
Коррупция қурамалы сиясий экономикалық ҳәм әдеп- икрамлық мазмунға ийе болған кең көлемли машқала. Коррупция еки тәреплеме дүзилетуғын келисим болып, онда лаўазымлы шахс яки мәмлекетлик хызметтеги басқа шахс өзиниң лаўазымы, абыройы ҳәм оларға байланыслы мүмкиншиликлерге тийкарланып, өз хызмети ўәкилликлерин яки хызметин физикалық яки юридикалық шахсларға, топарларға (соның ишинде жынайый бирлеспеге) рәсмий түрде «пуллаўды», ал, «қарыйдар» болса мәмлекет дүзилмеси яки басқа дүзилмеден өз мақсетлеринде пайдаланыў мүмкиншилигин қолға киргизеди.
Жоқарыда келтирилген жынаятлардың әмелиятта көп ушырататуғын түри парахорлық жынаятлары (ЖК 210-212ст.) есапланады.
Әдетте пара ретинде пул, шет ел валютасы, баҳалы қағазлар, қымбат тағыншақлар, баҳалы, қуны бар нәрселер берилиўи мүмкин. Сондай-ақ, жынаят предметине мулкий характердеги әмелге асырылған ҳәр қыйлы түрдеги хызметлерди де  киргизиўге болады.
Пара алыў жынаяты матераллық қурамдығы жынаят. Сол себепли жынаят параны алған ўақтынан баслап тамамланған есапланады. Бунда лаўазымлы шахс өзи яки басқа шахс (лаўазымлы шахстың келисими яки билиўиниң өзи жеткиликли) арқалы параны алыўы мүмкин.

Коррупция жынаятлары ушын 18 жасқа толған, рухый жақтан дени саў физикалық шахс жуўапкершиликке тартылады. Бул жынаятлардың басқа жынаятлардан өзгешелиги олардың субъектинде. Яғный, жынаят ушын тек ғана лаўазымлы шахс жуўапкер есапланады, бул арнаўлы субъект деп аталады. Лаўызымлы шахслардың 2 түри бар. Булар лаўазымлы шахс ҳәм жуўапкер лаўазымлы шахс. Жынаят кодексиниң 8-бөлиминде  «лаўазымлы шахс» атамасына төмендегише түсиник берилген. Лаўазымлы шахс дегенде, шөлкемлестириў-басқарыў яки ҳәкимшилик хожалық ўәкилликлери берилген ҳәм жуўапкер лаўазымлы шахс белгилерине ийе болмаған шахс түсиниледи. Жуўапкер лаўазымлы шахсларға: 1)ҳәкимият ўәкиллери, 2)мәмлекетлик кәрхана, мекеме яки бирлеспелерде сайлаў яки тайынланыў бойынша турақлы яки ўақтынша шөлкемлестириў-басқарыў яки ҳәкимшилик-хожалық ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы лаўазымды ийелеп турған ҳәм юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекетлерди ислеўге ўәкиллик берген шахслар, 3)мүлкшиликтиң басқа формаларындағы кәрханалар, мекемелер ҳәм бирлеспелердиң баслықлары, мәмлекетлик басқарыў бойынша белгиленген тәртипте ҳәкимият ўәкиллиги берилген жәмийетшилик ўәкиллери, 4)жоқарыдағы (екинши бәнтте көрсетилген) ўазыйпаларды пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында орынлаў менен байланыслы лаўазымларды ийелеўши шахслар киреди.
Жоқарыда келтирилген барлық жынаятлар қастан исленеди. Яғный, айыпкер шахс өз ҳәрекетлерин нызамға қарсы әмелге асырып атырғанын аңлайды, жынаят натийжесинде қандайда бир материаллық мәп келип шығатуғынлығына көзи жетеди ҳәм пайда көриўди қәлейди. Криминологиялық жақтан изертлегенде коррупцияның себеплери қолайлы шәрт-шараят болғанда (бар жерде), шахстың минез қулқы, оның рухый тәрбиясы менен байланыслы болған шахстың қабилетине тийкарланады. Бунда шахстың ашкөзлиги, нызамсыз байлық топлаўға өш болыўы, бай турмыс кешириўди қәлеўи усаған қәсийетлерин көрсетип өтиўге болады.
Коррупция латентлиги жоқары жынаятлар топарына киреди. Әдетте жынаят исленгеннен кейин ҳеш қандай из қалдырылмайды. Бул жынаятлардың жүз бергенлигиниң анықланыўы бириншиден, «келисиўши» ҳәм лаўазымлы шахс ортасындағы келиспеўшилик нәтийжесинде, екиншиден, басқа бир жынаятларды тергеў ўақтында, үшиншиден, ҳуқық қорғаў уйымларының профилактик шараларды әмелге асырыўы нәтийжесинде анықланыўы мүмкин.
Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде БМШ ның «Коррупцияға қарсы Конвенция»сына  (2003-жыл 31-октябрь) қосылыў ҳаққында Өзбекистан Республикасының нызамы қабыл етилди. (2008-жыл 24-июньда Нызамшылық палатасы тәрепинен  қабыл етилип, 2008-жыл 27 июньда Сенат тәрепинен мақулланған).

Өзбекистан Республикасының бул конвенцияға қосылыўы, Өзбекистан Республикасында коррупцияға қарсы гүрес алып барыў, оны түп тийкарынан жоқ қылыў ҳәм оның менен глобал дәрежеде гүрес алып барыў имканын береди.
Бул жынаятлардың алдын алыў, антикоррупцион режелерди раўажландырыў, коррупция түсинигиниң анық шегараларын белгилеп алыў ҳәм нызамшылыққа енгизиў, миллий нызамларымыздың БМШниң Коррупцияға қарсы Конвенциясы талапларына сәйкеслендириў, коррупцияға қарсы ҳәрекет ететуғын бир неше нызамларды қабыл етиў, мәмлекетлик хызмет системасының әшкаралығын күшейтиў ҳәм әлбетте пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын асырыў менен байланыслы.

Шоманай районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси Е.Канназаров

Skip to content