Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ел ушын тақ турған жерлеслеримиз

Ел ушын тақ турған жерлеслеримиз

1941-1945 жыллары даўамында екинши жер жүзлик урыста фашистлерге қарсы қаншадан қанша пияда аскерлер саўашқа атланып, ана топырағын, ўатанын көз қарашығындай сақлаўға бел байлаған. Соннан ел қатары Қарақалпақстан Республикасынан 66 мыңнан аслам адам қатнасқан болса, Шоманай районынан 250 ден аслам адам қатнасқан.

Фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 75 жыллығының белгилениўи мүнәсибети менен районымызда фронт артында аянбай хызмет көрсеткен  жерлеслеримизге Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Россия федерациясы Президенти тәрепинен «Фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 75 жыллығының белгилениўи»  мүнәсибети менен көкирек нышанлары, Шоманай районы ҳәкими тәрепинен «Қутлықлаў» ҳәм ҳәр бир ветеранға 250мың сумлық азық-аўқатлық затлар саўға ретинде үйлерине барып Сектор басшылары тәрепинен тапсырылды.

Skip to content