Шоманай районында коронавирус инфекциясы тарқалыўыныӊ алдын алыўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында
Шоманай районында халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўда тийисли мәмлекетлик органлары ҳәмде шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў, пуқаралардың өмири ҳәм ден саўлығын қорғаў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы “Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына кери тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги ис-илажлар ҳаққында”ғы ПП-5969-санлы, 2020-жыл 3-апрельдеги “Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПП-5978-санлы Пәрманлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-марттағы “Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 176-санлы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 25-марттағы 91-санлы қарарлары, Өзбекстан Республикасы “Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында”ғы Нызамының 31-статьясына ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Нызамының 6, 25-статьяларына тийкар Шоманай районы ҳәкимлиги
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
1. Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитария-эпидемиология қадағалаў басқармасы Шоманай районы филиалыныӊ 2020-жыл 8-апрельдеги 8-31/16-санлы усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Район аймағында коронавирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыў, пуқаралардың ден-саўлығын сақлаў мақсетинде физикалық ҳәмде юридикалық шахсларға тийисли болған автобус, микро автобус, жөнелисли маршрутлар, жеңил автотранспорт, велосипед, скутер ҳәм мото-транспорт қуралларының ҳәрекет етиўи 2020-жыл 8-апрель саат 06:00 ден баслап карантин дәўиринде ўақтынша тоқтатылсын.
3. Ҳәрекет етиўге рухсат етилген айрым автотранспорт қураллары қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Бунда тийисли шɵлкемлердиң оларға жүклетилген ўазыйпаларын әмелге асырыўға тартылатуғын хызмет ҳәм жеке автотранспорт қуралларының санын минимал муғдарларға шекем кемейттирилиўи тәмийинленсин.
4. Районлық ишки ислер бөлими (П.Искендеров), Мәмлекетлик салық инспекциясы (З.Қадиров), Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитария-эпидемиология қадағалаў басқармасы Шоманай районы филиалы (А.Бекетов), Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы (Е.Орынбаев)на:
район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автобус микро автобус, жеңил автотранспорт қураллары ҳәмде велосипед, скутер ҳәм мото-транспорт қуралларының ҳәрекет етиўин қадағалап барыў тапсырылсын;
карантин дәўиринде талапларды бузған физикалық ҳәм юридикалық шахслар ийелигиндеги автобус, микро автобус, жеңил автотранспорт ҳәмде велосипед, скутер ҳәм мото-транспорт қуралларын жәрийма майданшасына қойылыўын тәмийинлесин;шегаралас районларға кирип-шығыў жолларына ҳәмде район орайында арнаўлы күшейттирилген тәртипте қадағалаў постларын шөлкемлестириў ҳәм тийисли қәнийгелер ажратылыўын тәмийинлесин;
Медициналық нықапсыз автотранспорт басқарып жүрген айдаўшылар ҳәм пиядаларға карантин талапларын бузғанлығы ушын күшейттирилген тәртипте тийисли шаралар көрилсин;
Районға кирип келиўши, шығыўшы ҳәмде қосымшада рухсат етилген автотранспорт қуралларын дизенфекциялаў иләжлары көрилсин.
Жоқарыдағы талапларды орынлаўда Шоманай районы орайы айрықша итабарға алынып, зәрүрлиги болмағанда саат 20:00 ден кейин автотранспорт ҳәм пуқаралардыӊ ҳәрекетлениўи тоқтатылсын.
5. Райондағы сектор басшылары, тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары басшыларына:
Өзлерине бекитилген аймақларда усы шешим талапларының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўде район турғынларына кеӊ түрде үгит-нәсият жумысларын алып барсын.
6. Район аймағында коронавирус инфекциясы кирип келиўиниң алдын алыў бойынша дүзилген муўапықластырыўшы штаб (А.Қайпназаров)қа район аймағындағы карантин жағдайларынан келип шығып қосымша ис-илажлар белгилеп барыў жүкленсин.
7. Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы районлық хабаршысы ҳәм «Шоманай нуры» газетасы редакциясы (Қ.Наўрызов) ҳәм район ҳәкимлиги баспасөз хаткери (Ю.Сейдуллаев) усы шешимниӊ мазмуны ҳәм мәнисин пуқараларға жеткериў тапсырылсын.
8. Усы шешим районлық “Шоманай нуры” газетасында жәриялансын ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
9. Усы шешимниӊ орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасарлары А.Қайпназаров, Д.Ибадуллаева ҳәм районлық ишки ислер бөлими баслығы П.Искендеровларға жүклетилсин.
Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев
2020-жыл 9-апрель 305/4-сан
Шоманай районы ҳәкиминиӊ
2020-жыл «__»-апрельдеги
_______-санлы шешимине
қосымша
Шоманай районы аймағында ҳәрекетлениўи шекленбеген автотранспортлар
ДИЗИМИ
1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары, район ҳәкими ҳәм оның орынбасарлары хызмет автотранспорт қураллары.
2. Мәмлекет қәўипсизлик хызмети, суд, прокуратура, Салық инспекциясы, қорғаныў, ишки ислер, әдиллик, айрықша жағдайлар органлары ҳәм мәкемелеринде хызмет етиўши шахслардың жеке меншик ҳәмде хызмет автотранспорт қураллары.
3. Мәкеме ҳәмде кәрханалардың халыққа хызмет көрсетиўши автотранспортлары.
4. Коммерциялық банклердиӊ халыққа хызмет көрсетиўши автотранспортлары
(АТ Халық банкинде ислеўши хызметкерлердиӊ пенсия тарқатыўшы жеке автотранспортлары).
5. Коммуналлық хызмет көрсетиўши мәкемелердиң (газ, электр энергиясы, суў, шығынды тазалаў) хызмет автотранспорт қураллары.
6. “Республика инкассация хызмети” МУК хызмет автотранспорт қураллары.
7. Шет ел мәмлекетлериниң дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм халықаралық шөлкемлер хызмет автотранспорт қураллары.
8. Байланыс хызметлерин көрсетиўши шөлкемлер, Өзбекстан почтасы акционерлик жәмийети, “Өзбектелеком” АКне тийисли хызмет автотранспорт қураллары.
9. Жерлеў мәресимлеринде хызмет көрсетиўши арнаўлы автотранспорт қураллары (жерлеў мәресимлери хызметин көрсетиў мақсетинде).
10. Жол-патруль хызмети автомобиллери гүзетилиўинде ҳәрекетленип баратырған автотранспорт қураллары.
11. Мәўсимлик аўыл-хожалығы өнимлери ҳәмде дәри-дәрмақларды дәриханаларға жеткизип бериўши N1, N2, N3 (тек ғана бир жолаўшы менен) түриндеги физикалық шахсларға тийисли жеке автотранспорт қураллары.
12. Райондағы ғәлле тәрбиясы, пахта егисине байланыслы фермерлер хожалықлары баслықларыныӊ жеке ҳәм хожалық балансындағы аўыл хожалық техникалары район орайынан тысқарыда ҳәрекет етиўи белгиленсин.
13. Районда жайласқан такси компанияларына бекитилген автотранспорт қураллары (азық-аўкат өнимин жеткерип бериў хызмети менен шуғылланыў ушын).
14. Хызметкерлер бул дизимде көрсетилген шөлкемлерде хызмет көрсетип атырғанлығы ҳаққындағы мийнет даптершеси нусқасы ҳәм жумыс орнынан тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында ҳәрекетленеди.