Múrájat ushın isenim telefonı

background

ШОМАНАЙ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ БАХАДИР ЯНГИБАЕВТЫҢ КОРОНАВИРУС КЕСЕЛЛИГИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША РАЙОН ХАЛҚЫНА МΥРӘЖАТЫ

ШОМАНАЙ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ БАХАДИР ЯНГИБАЕВТЫҢ КОРОНАВИРУС КЕСЕЛЛИГИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША РАЙОН ХАЛҚЫНА МΥРӘЖАТЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиевтың тапсырмасына муўапық, коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў жүзесинен ис-илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясының қарары менен бир қатар шеклемлер орнатылып, тийисли шаралар көрилмекте.

Әсиресе, 27-март саат 10:00 ден баслап ўәлаятлараралық траснпорт қураллары(автобус, автомобиль, қалалар аралық такси, авиа, темир жол транспорты)ның ҳәрекети (жүк тасыў жағдайлары буған кирмейди) пүткиллей тоқтатылады. Бунда аймаққа тийисли авто транспортлардың (транзит) өз аймақларына кирип барыўға рухсат бериледи.

Бннан тысқары, ўәлаятлар қурамындағы қала ҳәм районлар аралық транспорт қатнаўы ҳәрекети ўақтынша шекленеди.

Мәмлекетимиз пуқараларының ден саўлығын қорғаў мақсетинде зәрүр болмаған ҳалларда (хызмет жумысын әмелге асырып атырған мәмлекет органлары ҳәм мәкемелери ҳәмде жәмийетлик шөлкеми хызметкерлеринен тысқары), үйинен сыртқа шығыўы шекленеди. Жүдә зәрүр жағдайларда ғана көшеге шыққанда (дәрихана, азық-аўқат дүканлары) – жеке қорғаў қуралы (нықап)та болыўы шәрт. Пуқаралар үйинен сыртқа жеке қорғаў қуралы (нықап)сыз шықса, нызамда белгиленген тәртипте жәриймаға тартылады. Яғный, базалық есаплаў муғдарының бес барабары муғдарында

– 1 115000 мың сум муғдарында жәрийма қолланылады.

Сондай-ақ, эпидемиологик жағдайдыина бат қаалған ҳалда, пуқаралар өз-ара байланысыў пайытында еки метр аралықты сақлаўы шәрт. Көшеде ҳәм жәмийетлик орынларында 3 кисиден артық адамлардың топланыўына шеклеў орнатылады. Бул қадаған етиў бир ўақытта ҳәрекетленип атырған шаңараққа қолланылмайды.

Республика аймағындағы барлық кеўил ашар объектлер, соннан, ресторан, кафе, асхана, чайхана сыяқлы исбилерменлик субъектлери (үйге жеткерип бериў хызмети буған кирмейди) мәмлекеттеги эпидемиологик жағдай раўажланбағанға шекем жумысын тоқтатпай, даўам еттирип атырған исбилерменлик субъектлерине кескин жаза шаралары көрилмекте.

Дунья жүзинде пандемияға айланған коронавирус кеселлиги елимизге биринши кирип келгени жəрияланғаннан баслап Шоманай районы эпидемияға қарсы гүресиў бойынша айрықша жағдайлар комиссиясы мəжилиси өткерилип, бул бағдарда Шоманай районы аймағында коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў ис-илажлары бағдарламасын таярлаў ҳəмде кəрхана-шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўшы 13 адам қурамындағы штаб дүзилип, коронавирустың район аймағына кирип келиўиниң алдын алыў бойынша жумыс баслап жиберилди.

Район ҳəкимлигиндеги штаб тийисли компьютерлер ҳəм үскенелер менен үскенеленип, комиссия ағзаларының жумыс алып барыўы ушын жағдай жаратылды.

Районда мектеп, бақша, оқыў орынларында елдеги карантин жағдайларына байланыслы жумыслар тоқтатылды.

Районлық медицина бирлеспесинде əмелий илажлар ислеп шығылып, кеселлик белгилери анықланғанларды жатқарып даўалаў ушын арнаўлы палаталар таярланды.

Районлық санитария-эпидемиолгиялық тынышлық орайы тəрепинен бəрше жəмийетлик орынлар менен транспорт қуралларын дезинфекциялаў жумыслары əмелге асырылмақта.

Жағдайға байланыслы адамлар көбирек жыйналыўы, кирип шығыўы мүмкин болған бəрше орынларға айрықша дыққат-итибар қаратылды.

Барлық пуқаралардың карантин тəртибин сақлаўы бойынша үгит-нəсият жумыслары район белсендилери тəрепинен əмелге асырылыўы жолға қойылды ҳəм турақлы түрде штабтағы комиссия тəрепинен қадағаланып барылмақта. Пуқаралардың маскиде жүриўи ушын бийпул маска тарқатыў илажлары əмелге асырылды. Дəриханаларда маска сатыў бойынша тапсырмалар белгиленди.

Районда адамларды жыйнайтуғын мəжилис, мереке-мəресимлер, кеўил ашар ойын-заўықлы кешелер ўақтынша тоқтатылды.

Саўда орынларында баҳалардың тийкарсыз қымбатлаўының алдын алыў бойынша тийисли қадағалаў орынлары тəрепинен əмелий жумыслар алып барылмақта.

Диний шөлкем тəрепинен мешитте адамлардың жыйналыўы ўақтынша тоқтатылып, барлық ибадат ислери үйлерде ислениўи əмелге асырылмақта.

Коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслар, оның районымызға кирип келиўиниң алдын алыў, жуғыўы яки тарқалыўы бойынша түсиндириў жумыслары ғалаба хабарландырыў қуралларында үзликсиз жəрияланып барылыўы жолға қойылды.

Коронавирус шегара билмейтуғын кеселлик. Ол пүткил дуньяны лəрзеге келтирмекте.

ҳүрметли пуқаралар!

қəдирли район турғынлары

Коронавирус кеселлигиниң районға кирип келиўиниң алдын алыў, оның жуғыўына ҳəм тарқалыўына жол қоймаў ҳəр биримиздиң өз қолымызда.

Булушын ҳəр-биримиз карантин дəўиринде коронавирус кеселлигиниң алдын алыўдың барлық шара-илажларын көриўимиз тийис.

Шыпакерлер тəрепинен усыныс етилип атырған көрсетпелерди булжытпай орынлаўды ҳəр биримиз баслы ўазыйпамыз деп билиўимиз тийис.

өзиңизде яки шаңарақ ағзаларыңызда кеселлик белгилери пайда болған жағдайда дəрҳал мобиль байланыс арқалы шыпакерге мүрəжат етиў арқалы өзиңизди ҳəм шаңарақ ағзаларыңызды қорғайсыз. 

Көшеде, жəмийетлик орынларда болыўды шеклең. Көшеге шығыўда шəртли түрде маскадан пайдаланың. Кеселликтиң алдын алыў бағдарында карантин шəртин бузғанларға, жəмийетлик орынларда яки көшеде маскасыз жүргенлер жəриймаға тартылатуғынын ескертип өтемиз.

Үйлерде гигиеналық-санитариялық тазалық кеселликтиң алдын алыўдың баслы факторы екенин уматпаң.

Ҳүрметли үй бийкелери

Шаңарақтың санитариялық тазалығында сизлер айрықша орын тутасызлар. Сонлықтанда жас балаларыңызды үйде сақлаўға ҳəрекет етиң. Илажы барынша жəмийетлик орынларға ертипалып бармаң. Перзентлер саламатлығы келешек бахтыңыз екенин умытпаң. Олардың саламатлығына итибарлы болың. Гигиеналық талапларды орынлаң.

ҳүрметли үлкен турмыс тəжирийбесине ийе кексе аталар ҳəм аналар

Сизлер бүгинги бахытлы күнлеримиз ушын үлкен мийнетиңизди сиңдирген ҳүрметли инсанларсыз. Сонлықтанда өз турмыс тəжирийбеңизден келип шыққан ҳалда шаңарақ ағзаларыңызға, жас əўладларға бүгингидей сынақлы күнлерде аўызбиршилик пенен ҳəрекет етип, елимиз бойлап жолға қойылып атырған талапларды орынлауға үгитлеп, ақыл нəсиятыңызды бериң. өмирдиң адамға бир мəртебе берилетуғынын, денсаўлықтың бийбаҳа байлық екенин түсиндириң ҳəм коронавирус кеселлигиниң алдын алыўға өз үлесиңизди қосың.

Ҳүрметли халық хызметинде жүрген белсендилер, аўыл ҳəм мəкан пуқаралар жыйынлары хызметкерлери, аўыл бийлери, кəрхана, шөлкемлердиң басшылары

Сизлердиң халқымыздың аўызбиршилигин сақлаў, олар арасында бүгинги сынақлы күнлерде талап етилген бəрше тəртип қағыйдаларды сақлап, шөлкемлестириўшилик жумысларын алып барыўда орныңыз гиреўли. Сонлықтанда халқымыз арасында ҳəзирги сынақлы күнлерде аўызбиршиликли болып, той-мереке, мəресим, кешелер ҳəм кеўил ашар ойын-заўықларды ўақтынша тоқтатыўды жолға қойып, кеселликтиңалдын алыўға бас болың. Халқымыздың аўызбиршилиги, тəртип-қағыйдаларды қатаң сақлаўы арқалы бул сынақты мəрдана жеңип өтемиз. Коронавирустың тийкарғы ошағы болған Қытай халық республикасында кеселликке байланыслы қойылған талаплар қатаң орынланғаны себепли наўқасланғанлардың 90 пайызы саўалып, өзлериниң бахытлы турмысына оралғаны мəлим. Солай екен, бизлер де карантин талаплары, коронавирус кеселлигиниң алдын алыў бойынша ҳүкимет тапсырмаларын булжытпай орынлап бүгингидей сынақты жеңип өтетуғынымызға исенемен.

Қəдирли район пуқаралары

Еңбаслысы ҳеш қандай түскинликке берилмей, аўызбиршилик пенен ҳəрекет етсек районымызда коронавирус кеселлигиниң алдын аламыз ҳəм санаўлы ўақытлардан соң тыныш ҳəм пəраўан турмысымыз даўам етеди. Бул бағдарда сизлердиң аўызбиршилик пенен ислеген ҳəрекетиңиз нəтийже береди.

Сизлердиң шаңарақларыңызда бахытлы турмыс, өзлериңизге саў-саламатлық тилеймен.

өз саламатлығыңыз өзлериңиздиң қолыңызда.

Ҳүрметли район пуқаралары

Коронавирус кеселлиги туўралы қандайда мағлыўмат бермекши болсаңыз яки мағлыўмат алмақшы болсаңыз районда дүзилген штабта 61 346-25-48 исеним телефоны сизлердиң хызметиңизде. Мүрəжат етиўиңиз мүмкин.

Skip to content