Múrájat ushın isenim telefonı

background

ДАҒАЗА!

ДАҒАЗА!

1.Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суд баслығы Г.Зарипова тәрепинен 2020-жыл 1-шерек даўамында ҳәр айдың үшинши ҳәптесиниң сәршемби (3-күни) күни, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин видеоконференция байланыс арқалы жеке қабыллаўы өткизип барылады.

Гезектеги қабыллаў 2020-жыл 18-март күни өткериледи. Қабыллаўға Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Шоманай районынан физикалық ҳәм юридикалық шахслар өз мүрәжәтлери менен қатнасыў мүмкинлигин хабарлаймыз.

2.Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суд баслығы Г.Зарипова тәрепинен 2020-жыл 27 март күнисаат 11-00 ден 13-00 ге шекем Қанлыкөл районында, 2020-жыл 27-март күни  саат 15-00 ден 17-00 ге шекем  Шоманай районында  физикалык ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин көшпели қабыллаўы өткизиледи.

Қабыллаўға қатнасыў ушын Қонырат районлараралық экономикалық суды (Қоңырат районы Р.Абдуллаев көшеси номерсиз жай) имәратына келип жазылып кетиўиңиз мүмкин. (Мағлыўмат ушын тель 61-312-05-48)

Қонырат районлараралық экономикалық суды.

Skip to content