Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңесиниң 2020-жыл 1-шерек ушын мөлшерленген ис-режесиниң 15-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 11-март күни Балалар ѳспиримлер спорт мектебинде “Жас қутқарыўшы” кеўиллилер клублары арасында районлық басқышы өткерилди.
Жарыста ХББне қараслы 1-5-8-12-16-33-санлы улыўма билим бериў мектеплери ѳз-ара беллести. Жарыс жуўмағына кѳре 16-санлы мектеп оқыўшылары 3-орынды, 33-санлы қәнийгелестирилген мектеп оқыўшылары 2-орынды ҳәм 5-санлы мектеп оқыўшылары сыйлы 1-орынды ийеледи. “Жас қутқарыўшы” кеўиллилер клублары арасында районлық басқышына 65 жас камтып алынды.
Қатнасыўшылар шѳлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалаы саўғалар менен сыйлықланды. Шоманай районы Халқ билимлендириў бѳлимине қараслы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киритти.