2020-жыл 16-март күни Шоманай районында «Наўрызың-жаңа күн, жаңа дәўириң мүбәрек жанажан Өзбекстаным» атамасында өткерилетуғын улыўма халықаралық Наўрыз байрамына бәршеңизди мирәт етемиз.
Байрам тамашалары, концерт бағдарламасы, дәрўазлы тамашалар, ат шабар, арқан тартыс, қошқарлар дүгисиўи, палўан гүрес, варраклар сейили ҳәм тағы басқада миллий тамашалар ,байрам сәни болған қара үйлер тигилип, Наўрыз сейили болып өтеди.
Ўақты: 2020-жыл 16-март саат 10:00 де Мәнзил: «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ат шабар майданшасы»
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети