Мәмлекетимизде исбилерменликти қоллап-куўатлаў бойынша ислеп шығылып атырған ис-иләжлар исбилерменлер санын көбейтиў ҳәмде олар тәрепинен тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлер түрлерин кеңейтириўди нәзерде тутпақта.
Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўын жәнеде раўажландырыў, оның көлемин асырыў, есап-китаплар системасына зәманагөй хабар технологияларын кең ен жайдырыў ҳәмде усы тараўда жәмәәтшилик қадағалаўын әмелге асырыў ушын шәрт-шәраиыт жаратыў мақсетинде
2019-жыл 6-сентябрь күни Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы қабыл етилди. Қабыл етилген Пәрманға тийкар саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында онлайн қадағалаў-касса машиналары ҳәм виртуал касса системасын енгизиў белгилеп қойылды.
Республикамызда онлайн қадағалаў-касса машиналары ҳәм виртуал касса системасын енгизиў төрт басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта 2020-жыл 1-январдан баслап дәрихана, автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшалары, алкоголь, темеки өнимлери саўдасы менен шығылланыўшы исбилерменлерди дизимнен өткериў. 2020-жылдың
1-августине шекем жыллық обороты 5 млрдтан асқан исбилерменлик субъектлери, 2021-жыл 1-январдан баслап жыллық обороты 100 млннан асқан исбилерменлик субъектлери ҳәм төтринши басқышы 2022-жылдың
1-январы айынан баслап барлық исбилерменлик субъектлерде онлайн қадағалаў-касса машиналары ҳәм виртуал касса системасын енгизиў нәзерде тутылған.
Онлайн қадағалаў-касса машиналары ҳәм виртуал касса системасы бир қанша қолайлықларға ийе. Бириншиден касса китабы болмайды. Онлайн қадағалаў-касса машиналарын сатып алыў ҳәм орнатыў менен байланыслы болған қәрежетлерге салықтан шегирмелер бериледи. Шекти тексериў
QR-код бойынша онлай тәризде әмелге асырылады. Және бир қолайлық тәрепи саўда шеклерин дизимнен өткерген пуқаралар ушын акциялар өткериледи.