Múrájat ushın isenim telefonı

background

ҲАЯЛ МЕҲИР ҚУЯШЫ

ҲАЯЛ МЕҲИР ҚУЯШЫ

Ҳаял  муқаддес, сабырлы, батыр ҳәмде сулыўлық тымсалы. Ҳаялларды улығлаў, ҳүрмет етиў бизге тән қәсийет. 8-март Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамының енгизилиўи буған мысал бола алады.

Мәмлекетимизде Ҳаял-қызларға берилип атырған имкәниятлар, Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик сыйлықлардың енгизилиўи Ҳаял-қызларға деген ҳүрмет ҳәм иззет есапланады. Усы жылы 7-март күни Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев «Қарабайлы» мәкән пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 1920-жыл туўылған  Артикова Наргүл апа ҳәм 1929-жылы туўылған Турдишева Дәрбийке апа,  «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы  1924-жыл туўылған Инятова Улбосын апалардың ҳалынан хабар алып, оларды байрам менен қутлықлады. ϴмирлик тәжирийбеге ийе анаханларымыз бенен сәўбетлесип, байрам мүнәсийбети менен саўғалар берди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content